Жәҳән банки тәрепинен Европа ҳәм Орайлық Азия экономикасы бойынша есабат жәрияланды. Есабатта атап өтилиўинше, бир қатар кризислерден соң бул региондағы раўажланып атырған мәмлекетлерде экономикалық өсиў турақласпақта, бирақ көрсеткишлер 2000-жыллардың басына салыстырғанда әдеўир төмен дәрежеде қалмақта.

Прогнозларға бола, быйылғы жылы Европа ҳәм Орайлық Азия регионында экономикалық өсиў 2023-жылдағы 3,5 проценттен 3,3 процентке шекем, 2025-жылы болса 2,6 процентке шекем төменлеўи мүмкин. Бул 5,1 процентти қураған 2000-2009-жыллардағы орташа жыллық көрсеткиштен әдеўир төмен көрсеткиш.

Регион еллери жоқары дәрежедеги инфляция, Россияның Украинаға бастырып кириўи ақыбетлери ҳәм Европа Аўқамында, регионның тийкарғы экспорт базарында экономикалық белсендилик дәрежесиниң әстен өсиўи изинен пайда болған соңғы шокларды табыслы жеңип өтти.

Ҳәзирги ўақытта Европа ҳәм Орайлық Азияның раўажланып атырған мәмлекетлеринде экономикалық өсиў тийкарында мийнет ҳақының артыўы, халыққа мәмлекетлик төлемлер ҳәм инфляцияның төменлеўине сүйениўши жеке тутыныў тур.

2024-жылы регионның 20 дан аслам мәмлекетлери арасында ЖИӨниң ең жоқары өсиўи Грузия (7,5 процент), Тәжикстан (7,2 процент), Өзбекстан (6 процент), Қырғыз Республикасы (5,8 процент) ҳәм Арменияда (5,5 процент) бақланбақта.

2025-жыл бойынша прогнозлар Өзбекстан жалпы ишки өнимниң 5,8 процентке өсиўи менен регионда экономикалық өсиў бойынша жетекши орынға шығып алыўы мүмкин екенлигин көрсетпекте.

Баянаттың арнаўлы бөлими Европа ҳәм Орайлық Азия регионы еллеринде экономикалық өсиў факторларынан бири болған инсан капиталының ролине бағышланған. Узақ мүддетли келешекте мийнет өнимдарлығының өсиўин жеделлестириў ушын мәмлекетлер орта ҳәм жоқары билимлендириўдиң сапасын сезилерли дәрежеде арттырыўы керек екенлиги атап өтилген.

Региондағы билимлендириў системасының барлық буўынларында халық билимлендириўи менен кең түрде қамтып алынған. Машқала соңғы ўақытларда төменлеп атырған билимлендириў сапасы менен байланыслы. Атап айтқанда, соңғы 10 жыл ишинде регион еллеринде оқыўшылардың билимлендириўдеги көрсеткишлерин баҳалаў бойынша халықаралық бағдарлама (ПИСА) тестлеринде топлап атырған баллар саны кескин төменледи. Бул бағдарлама 15 жастағы оқыўшылардың билим көнликпелерин баҳалайды.

Есабатта жоқары билимлендириў системаларының кемшиликлери қатарында региондағы жоқары билимлендириў мәкемелериндеги оқыў бағдарламаларының ескиргенлиги, олардың үскенелери ҳәм инфраструктурасына инвестициялардың жетиспеўшилиги, сондай-ақ, оқыўшылардың билим ҳәм көнликпелериниң мийнет базарының талапларына сәйкес келмейтуғыны атап өтилген.

Ш.Маматуропова,

ӨзА