Дүнья халықларының өз-ара әдебий байланыслары пүткил инсанияттың мәдений, ағартыўшылық, жетикликке ерисиўинде, жәҳән әдебиятының раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болып келген.

Усы күнлери пүткил дүньяда болғаны сыяқлы Өзбекстанда да Мақтымқулы-Пырағый туўылғанының 300 жыллығы кеңнен белгиленбекте. Мақтымқулы түркий халықлардың уллы ойшылы, данышпан шайыры. Бул сәнени кеңнен белгилеў мақсетинде Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарарда да Мақтымқулының жәҳән әдебиятындағы орны айрықша атап өтилген.

Ҳақыйқый көркем сөз өнериниң терең гуманизм менен суўғарылған шығармалары мәрт ҳәм жигерли, мийнеткеш түркмен халқының ийгиликли қәдириятлары ҳәм уллы пазыйлетлерин жырлаўы, ҳәмийше халық пенен бирге болыўға, ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлар арасында өз-ара татыўлық ҳәм аўызбиршилик байланысларын беккемлеўге қаратылған мазмун-мәниси менен бәршемиз, әсиресе, жаслар ушын ибрат үлгиси болып есапланады.

Жақында Президентимиз Шавкат Мирзиёев шайыр ҳәм ойшыл Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығына бағышланған халықаралық форумда қатнасты ҳәм шығып сөйледи. Мәмлекетимиз басшысының бул шығып сөйлеўи тек ғана халқымыздың емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилигиниң дыққат итибарында болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде «Мақтымқулы өзбек халқы ушын да оғада ардақлы ҳәм сүйикли тулға екени менен биз ҳақылы түрде мақтанамыз. Ол инсан Хийўадағы Шерғазыхан медресесинде оқыған, дүньялық ҳәм диний илимлерди терең үйренген. Соның менен бирге ол уллы өзбек шайыры Әлийшер Наўайы дөретиўшилигин жоқары қәдирлегени де уқсас тарийхымыз бетлери арқалы жақсы белгили.

Ҳәзирги күнде үлкемизде Мақтымқулының гөззал поэзиясы бәрқулла жасап келмекте. Әлбетте, оның мәңгилик шығармалары әзелден бир-бирине туўысқан ҳәм ийинлес болған халықларымыз арасындағы дослық туйғыларын және де беккемлеўге хызмет етпекте» деп атап өтти.

Усы жерде Генрих Гейне «Ҳәр бир инсан бир Әлем, ол инсан менен бирге туўылып, бирге өледи» дегенинде адамзаттың әлем дәрежесинде теңсиз кең санаға ҳәм дүньялық илимлерге умтылып жасайтуғынын ҳәм онда әдебияттың орны теңсиз екенлигин нәзерде тутқан, деп ойлайман.

Биз уллы Мақтымқулы-Пырағый дөретиўшилигине нәзер салсақ, тек ғана инсан әлемин емес, ал пүткил дүньяның сырларын да ашық-айдын көз алдымызға келтире аламыз. Шайыр «Билмесписең» қосығында:

Мақтымқулы сөзлейди, тоғыз пәлек Зуҳрасы,

Жети жулдыз ғардашы, Айдың, Күнниң парасы,

Кеўлимниң рәўшаны, көзимниң ағы-қарасы,

Әбызәмзәм шәшмеси, Сапа, Мары арасы

Сулайман деп әҳдимди сындырғанын билмесписең?

деп атап өтип, ҳәр бир қатарда пүткил әлем сырларына жетеклейди. Қосықтағы тоғыз пәлек, жети жулдыз, Ай, Күн тәрийплери Мақтымқулының кеўил әлеминдеги дүньяның қосықларындағы билдириўине айланғанын көремиз.

Биз Мақтымқулыны тек ғана шайыр емес, ал данышпан философ, астроном, саяхатшы, дүнья картасын жақсы билиўши географ, бир сөз бенен айтқанда, дүньялық илимлер билимданы сыпатында ҳақылы түрде тән аламыз. Ол пүткил әлемди, Жер бетиндеги мәмлекетлерди ҳәм олар арасындағы аралықларды да төмендеги қосықта толық ашып берген.

Мағрыптан Машрыққа дүньяның жүзи-

Демең бизге мәлим дәлдур бул дүнья.

Абаты, харабы, дәрьясы, дүзи-

Жүз қырық алты мың ағаш жолдур бул дүнья

Бул қосықта теңиз ҳәм дәрьялар, олар арасындағы аралық, таўлар, мәмлекетлер арасындағы аралықлар, саҳра, шөл олардың шегаралары, дүнья халықларының тили сыяқлы мағлыўматлар орын алған, оны оқыған инсан киши бир қосықта галактика ҳәм Жер шары ҳаққындағы өз билимлерин арттыра алады.

Халқымыз Мақтымқулыны өз шайыры деп биледи. Әсиресе, шайыр дөретиўшилиги қарақалпақ халқы классикалық әдебиятының гүлтажы болып есапланады.

Әўладларға мыңлаған қосық, дәстанлар қалдырып кеткен қарақалпақ халқының теңсиз шайыры Бердақтың руўхый әлеми Мақтымқулының илҳам булақлары менен байыған.

Бердақ бир қосығында:

Мақтымқулыны оқығанда,

Айтар едим ҳәр заманда,

Кемис барма беглер анда,

Сөзин таўап қылар едим…

деп тәрийп берген.

Сондай-ақ, қарақалпақ халқының Күнхожа, Әжинияз, Омар, Өтеш сыяқлы классикалық шайырлары ҳәм ХХ әсир әдебиятындағы Садық Нурымбетов, Аббаз Дабылов, Тилеўберген Жумамуратов, Ибрайым Юсупов сыяқлы белгили ғайраткерлери де Мақтымқулыны өзине узтаз деп билген.

Әжинияздың «Бул дүньяның көрки адам баласы», «Дәўран болмады», «Кеўлим мениң» сыяқлы көплеген қосықлары Мақтымқулының руўхый әлемин сәўлелендиреди.

Әсиресе, Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың дөретиўшилигинде Мақтымқулының устазлық руўхын түсиниў мүмкин. Ибрайым Юсупов Мақтымқулының өмири ҳәм дөретиўшилигин терең үйренген ҳәм ол ҳаққында бир неше мақалалар жазған, қосықларын қарақалпақ тилине аўдарған. Ибрайым Юсуповтың Мақтымқулыдан руўхланып жазған «Несең сен», «Тойы Түркменниң», «Ядыма түсти», «Болмаса» сыяқлы қосықларын мысал етип келтириў мүмкин.

Мақтымқулы «Несең сен» қосығында былай жазады:

Қарақшыма, хожа-сейит кимбисең,

Сақый тутқан шарап толы жамбысаң,

Я жылмысаң, күндизбисең, түнбисең,

Я аймысаң, я күнбисең несең сен?

Ибрайым Юсуповтың усы усылда жаратқан қосығы  былай жаңлайды:

Әл ҳасыл малына базар таба алмай,

Сегбир тартқан кәрўанбысаң, несең сен?

Көкиректе шер болып сыртқы шыға алмай

Босқа кеткен әрманбысаң несең сен?

Мақтымқулының поэзиясы менен қарақалпақ классикалық шайырлары дөретиўшилигиндеги усыл еки халықтың қәдириятлары, мәнаўияты, үрп-әдетлери, өз-ара кеңпейиллик, дослық пазыйлетлериниң уқсаслығынан дәрек екени көринип тур.

Усы жерде әдебияттаныўшы илимпаз, халықаралық Мақтымқулы-Пырағый атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, филология илимлериниң докторы марҳум Кәримбай Қурамбаевтың «Қарақалпақ-Түркмен әдебий байланысларында Мақтымқулы дөретиўшилигиниң роли» мақаласын айрықша еске алсақ.

– Қарақалпақстанда Мақтымқулы дөретиўшилигине қызығыўшылық ҳеш қашан төменлеген емес, керисинше, жыллар өткен сайын шайыр мийрасын үйрениў, үгит-нәсиятлаў ҳәм аўдарыў илажлары күшейип барады.

Әсиресе, ғәрезсизлик жылларында Мақтымқулыны қайта оқыў турмыслық зәрүрликке, руўхый мүтәжликке айланып бармақта. Шайырдың ҳәр бир қосығында алға қойылған идеялар тек ғана китапқумар емес, ал дөретиўши халқы ушын мәнаўият булағы болып есапланады. Соның ушын болса керек, ҳәзирги қарақалпақ әдебияты ўәкиллери, шайырлар Мақтымқулыға қайта-қайта мүрәжат етпекте, шығармаларынан руўхланып оригинал қосықлар, мухаммеслер, уқсатыўлар жаратпақта. Т.Қабулов, Ә.Әжиниязов, К.Рахманов, Ж.Избасқанов, У.Пиржанов, Ә.Өтепбергенов, Т.Сарсенбаевтай шайырлардың Мақтымқулы жолында жазған бир қатар қосықларын, ғәзеллерине байланыстырған мухаммеслерин, бағышлаўларын ибратлы тәжирийбелер түринде тилге алып өтиў керек. Ҳәзир оларды атпа-ат санасақ үлкен дизим пайда болады. Оларға Мақтымқулының жолын даўам еттириўшилердиң айқын мысалы, дөретиўшилик илҳамның нәтийжелери болып табылады,-деп атап өткен илимпаз.

Мақтымқулы дөретиўшилигиниң барлық дәўирлеринде, ҳәзирги күнде де дөретиўшилердиң руўхый әлемин байытып киятырғаны сыр емес. Мәмлекетимиз басшысының Түркменстанға сапары Мақтымқулы халқымыз ушын оғада ҳүрметли, ардақлы, қәдирли тулға екенлигин және бир мәрте көрсетти.

Әсиресе, Президентимиз Шавкат Мирзиёев «Мақтымқулы – Пырағыйдың 300 жыллығына» естелик медалы менен сыйлықланғанлығы өзбек ҳәм түркмен халықлары арасындағы беккем дослық, туўысқанлық, бирге ислесиўдиң жемиси болып есапланады.

Мақтымқулының дөретиўшилиги ҳақыйқый мәниде әсирлерден әсирлерге өтип, инсан қәлбин өмирге муҳаббат, Ўатанға садықлық, халқына сақаўат, келешекке исеним туйғылары менен толтырып, мәңги жасай береди.

Гүлистан АННАҚИЛИЧЕВА,

«Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы,

Қарақалпақстан халық шайыры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги