Пайтахтымызда «Жаңа Өзбекстанның Миллий турақлы раўажланыў мақсетлери: жетискенликлер ҳәм перспективалар» темасында халықаралық конференция болып өтти.
Әнжуманның тийкарғы мақсети – Өзбекстанда алып барылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде реформалардың әҳмийетин додалаў, билим ҳәм тәжирийбе, илимий изертлеўлер ҳәм раўажланыў стратегияларының нәтийжелерин алмасыў және өз-ара бирге ислесиў ушын «жол карта»ларын белгилеп алыўдан ибарат болып есапланады.
Сенатор ҳәм депутатлар, халықаралық экспертлердиң қатнасыўында өткен илажда мәмлекетимизде соңғы жылларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар, турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде бақланған ҳәрекетлерге айрықша итибар қаратылды.
Конференция гибрид режимде шөлкемлестирилип, бир қатар мәмлекетлердиң экспертлериниң баянаты тыңланды.
Олар республика көлеминде әмелге асырылыўы режелестирилген «ТРМ жас елшилери» жаслар басламасы бойынша өз усынысларын берди.
Сондай-ақ, кәмбағаллық ҳәм ашлықты пүткиллей сапластырыў, мәмлекетлер ҳәм олар арасында теңсизликти азайтыў, саламат турмыс тәризи, ҳәмме ушын билим алыў имканиятын жаратыў, гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстанда Миллий турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў 2017-2021-жыллардағы Ҳәрекетлер стратегиясына туўры келди. COVID-19 пандемиясы себепли жүзеге келген қыйыншылықларға қарамастан, мәмлекетимиз реформаларды даўам еттирмекте.
– Усы конференция Өзбекстанда ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, жәмийеттеги орны ҳәм бизнес тараўындағы жумыслары менен жақыннан танысыў ушын үлкен имканият болды. Себеби гендер теңлиги менен байланыслы мәселелерге де айрықша итибар қаратылды. Бул мәжилис нәтийжели жойбарларды әмелге асырыў ушын жаңа платформа ўазыйпасын орынлайды, деп исенемен, – деди Польшаның Өзбекстандағы елшиханасының ўәкили Агнешка Марчак.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенати Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев пуқаралық жәмийетиниң институциялық ролин арттырыў, инсан ҳуқықларын қорғаў, кәмбағаллықты азайтыў, ҳәр бир адамды кепилликли дәрамат дәреги менен тәмийинлеў және турақлы экологиялық раўажланыўға ерисиў тийкарғы ўазыйпа екенин атап өтти.
Конференцияның екинши бөлиминде жаслар ўәкиллери «Жаслардың сөзлери менен айтқанда миллий Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў: социаллық ҳәм инновациялық жойбарлар» темасында өз презентациялары менен қатнасты.
Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар ҳәм оларды эмпирикалық таллаўға бағышланған жаңа китапты инглис тилинде жазыў бойынша илимий жәмийетшилик тәрепинен жумыс басланғаны да жәрияланды.
Конференцияда миллий ТРМға ерисиў ушын бирге ислесиўдиң кейинги «жол карта»лары анықланды. Шөлкемлестириўшилер Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған реформалар ҳәм олардың миллий ТРМға ерисиўдеги әҳмийетин улыўмаластырыўға қаратылған Альманах-сүўретли есабат таярлады. Бул адамлардың Өзбекстанда социаллық-экономикалық раўажланыў ҳаққында хабардарлығын арттырыўға қаратылған.
Конференция даўамында Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў процесинде халықаралық тәжирийбелер көрип шығылып, социаллық-экономикалық реформалардың усы мақсетлер менен байланыслы тәреплери додаланды. Сондай-ақ, бул бағдарда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ҳәрекетлер бойынша халықаралық экспертлердиң пикири тыңланды.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы