Өзбекстанда Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслерин сәўлелендириўши журналистлер ушын «Ғалаба хабар қуралларында сайлаўларды сәўлелендириў» темасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Онда Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска ханым сайлаў процесслерин нәтийжели сәўлелендириў бойынша журналистлердиң маманлығын арттырыўға бағышланған бундай тренинглер алдын да болғанын, оларды шөлкемлестириўде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы менен әмелге асырылып атырған бирге ислесиў жойбары әҳмийетли орын тутатуғынын атап өтти.

– Бул жойбардың барлық хызметкерлерине нәтийжели бирге ислесиў ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен. Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўде ғалаба хабар қураллары менен белсене ҳәм нәтийжели бирге ислесип келмекте,-деди З.Низомхўжаев.

Өзбекстанда барлық дәрежедеги сайлаў комиссиялары Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде өзиниң жумысын Сайлаў кодексиниң талаплары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша календарь режесине муўапық, нызамлылық, бийғәрезлик, ҳадаллық, ашық-айдынлық принциплерине толық әмел еткен ҳалда шөлкемлестирмекте.

Сайлаўға байланыслы барлық илажларда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери белсене қатнаспақта. Өткерилип атырған илажлардың айырымы жетекши теле ҳәм радиоканаллар арқалы тиккелей эфирге узатылмақта. Арнаўлы репортажлар, соның ишинде, онлайн және фоторепортажлар, интервьюлер таярланбақта. Баспа ҳәм интернет басылымларында ҳәр қыйлы тиллерде ҳәр күни онлаған аналитикалық мақалалар жәрияланбақта.

Олардың барлығы, бәринен бурын, елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған системалы, избе-из, соның менен бирге жедел реформалар нәтийжеси болып есапланады. Мәмлекетимизде жумыс ислеп атырған жетекши ғалаба хабар қураллары менен сайлаў процесслерин жедел ҳәм әдил сәўлелендириў бойынша келисимлерге қол қойылған.

Орайлық сайлаў комиссиясының быйыл 23-июль күни жумыс баслаған Баспасөз орайында тәжирийбели журналистлер, ҳуқықтаныўшылар, дилмашлар, экспертлер ҳәм басқа да қәнигелерден ибарат қәнигелестирилген топарлар жумыс алып бармақта. Бул орай сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы процесслердиң ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлеўге белсене үлес қоспақта.

Усы күнге шекем жүзге шамалас миллий ғалаба хабар қуралы, соның ишинде, теле, радиоканаллар, баспа ҳәм интернет басылымларының мыңға шамалас ўәкили дизимге алынды. Соның ишинде, отызға шамалас сырт ел ғалаба хабар қуралынан 48 журналист аккредитациядан өткерилди. Аккредитация процеси даўам етпекте.

Бул процессте мәмлекетлик емес ғалаба хабар қураллар ўәкиллериниң ҳәр қашанғыдан көп екенлигин айрықша атап өтиў зәрүр. Журналистлердиң сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық процесслерде белсене қатнасып атырғаны Президент сайлаўын ашық-айдын ҳәм миллий сайлаў нызамшылығы талапларына муўапық өткериўге хызмет етпекте.

Бағдарламасында сайлаў процесин сәўлелендириўдиң әҳмийетли бағдарлары қамтып алынған бул семинар-тренинг қатнасыўшы-журналистлердиң қәнигелигин және де арттырыў, өз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасыўында үлкен әҳмийетке ийе.

 

Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы