22-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 76-сессиясы шеңберинде Орайлық Азия ҳәм АҚШ сыртқы сиясий уйымлары басшыларының «C5+1» түриндеги ушырасыўы болып өтти.

Видеоконференция арқалы өткерилген мәжилисте Өзбекстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Түркменстан сыртқы ислер министрлери ҳәм АҚШ Мәмлекетлик хаткери қатнасты.

Сыртқы сиясий уйым басшылары экономика, регионаллық қәўипсизлик, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў, COVID-19 пандемиясының социаллық-экономикалық ақыбетлерин сапластырыў тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша додалаў алып барды.

Ушырасыўда Аўғанстандағы жағдай да көрип шығылды. Оған бола, гуманитарлық кризистиң алдын алыў ушын аўған халқына жәрдем көрсетиў, бул мәмлекеттиң регионаллық экономикалық процесслерге интеграцияласыўын тәмийинлейтуғын инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жерде региондағы мәмлекетлердиң турақлылығы ҳәм қәўипсизлигине қарама-қарсылық ҳәм қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы халықаралық жәмийетшиликтиң ҳәрекетлерин бирлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағы бойынша биргеликтеги билдириў қабыл етилди.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы