Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда дәслеп Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының X съездинде Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан етип көрсетилген Шавкат Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасында белгиленген тийкарғы мақсет ҳәм бағдарлар және бул бағдарда ӨзЛиДеП алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, талабанның сайлаўалды бағдарламасы көп қырлы болып, онда бир қатар турмыслық мақсет-ўазыйпалар орын алған. Атап айтқанда, экономикада жоқары өсиў пәтлерин сақлап қалыў ушын макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў,  2023-жылдың ақырына шекем инфляция дәрежесиниң 5 процентке түсирилиўи, мәмлекетлик бюджеттиң дефицити  жалпы ишки өнимге 2,5 проценттен артпайтуғынлығын тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген. Оның ушын бюджет қаржыларын нәтийжели бөлистириў ҳәм қадағалаўдың  жаңа системасы жолға қойылып, буннан былай бюджет қәрежетлери биринши гезекте пуқаралардың турмыс  шараятын жақсылаў ҳәм аймақларды раўажландырыўға бағдарланыўы атап өтилген.

Сондай-ақ, экономикада финанслық ресурсларды көбейтиў мақсетинде келеси  5 жылда фонд базары көлеминиң  200 миллион доллардан 7 миллиард долларға жеткерилиўи, онда мәмлекетимизге капитал алып кириў бойынша бар шеклеўлер қайта көрип шығылып, ҳәмме ушын қолайлы болған шараятлардың жаратылыўы нәзерде тутылған.

Мәжилисте сөз алған фракция ағзалары талабанның сайлаўалды бағдарламасына тоқтап өтер екен, ондағы барлық мақсет-ўазыйпалар Өзбекстанның раўажланыўы, ерисилген нәтийжелерди және де беккемлеў, халқымыздың турмыс абаданлығы артыўы жолында хызмет ететуғынын атап өтти.

Буннан кейин депутатлар «Банктен тысқары кредит шөлкемлери ҳәм микрофинанслық жумыс ҳаққында»ғы нызам жойбарын да көрип шықты. Жойбарда банклердиң айырым түрдеги финанслық операцияларды әмелге асырыў  ҳуқықына ийе болған микрокредит шөлкемлери, ломбардлар ҳәм ипотеканы қайта қаржыландырыў шөлкемлериниң жумысын тәртипке салыўшы  нормаларды системаластырыў ҳәм  бирдей етиўге қаратылған нормалар өз көринисин таппақта.

Нызам жойбарында банктен тысқары кредит шөлкемлериниң қурамы микрофинанслық шөлкемлер, ломбардлар ҳәм ипотеканы қайта қаржыландырыў шөлкемлери етип белгиленбекте. Өз гезегинде, микрофинанслық шөлкемлер ҳәм ломбардларға микрофинанслық жумысын әмелге асырыў ҳуқықын бериў нәзерде тутылмақта.

Пикир-таласлардан соң фракция ағзалары усы нызам жойбарын концептуаллық жақтан мақуллады.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы