Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилисин комиссия баслығы З.Низомхўжаев алып барды.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәскемелери жанында сайлаў участкаларын дүзиў, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳәм Д.Ҳидоятовты Өзбекстан республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы етип дизимге алыў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары мәжилис күн тәртибиндеги – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша қолланбаны тастыйықлаў мәселесин көрип шықты. Қолланбада сайлаў округлери ҳәм участкаларында, даўыс бериў ханаларында сайлаў комиссиясының ағзалары, сайлаўшылар, бақлаўшылар ҳәм ҒҚХ ўәкиллери ушын карантин қағыйдаларына әмел етиў сәўлелендирилген.
Атап өтилгениндей, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратлардың кириў бөлегинде ҳәм даўыс бериў ханасында социаллық аралықты сақлаў ушын 1,5 – 2 метр аралықты белгилейтуғын ҳәм ҳәрекетлениў бағдарын көрсететуғын сызықлар болыўы керек.
Округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратларға кеминде бир медицина хызметкери бириктириледи. Сайлаў округиниң аймағында эпидемиологиялық жағдайдың күнлик таллаўы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызметиниң аймақлық басқармалары тәрепинен алып барылады. Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери жанында сайлаў участкаларын дүзиў ҳаққындағы қарар жойбары көрип шығылды.
Сайлаў кодексиниң 10, 14 ҳәм 16 статьяларына муўапық ҳәм Сыртқы ислер министрлигиниң Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги ўәкилханалары жанында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткеретуғын сайлаў участкаларын дүзиў ҳаққындағы усынысына тийкарланып мәмлекетимиздиң сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери жанында 54 Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткереретуғын сайлаў участкасы дүзиледи.
Сондай-ақ, мәжилисте ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳаққындағы ОСК қарарына муўапық 3 жергиликли ҒХҚ ўәкили дизимнен өткерилди. Усы күнге шекем аккредитациядан өткерилген жергиликли ҒХҚ ўәкиллериниң саны 757 ни, сырт ел ҒХҚ ўәкиллериниң саны 48 ди қурамақта.
Ташкент ўәлаяты мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары депутатларының босап қалған орынға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасын сайлаў бойынша 2021-жыл 24-август күни өткерилген қоспа мәжилисиниң билдириўине тийкарланып Даврон Ҳидоятов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы етип дизимге алынды.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы