Мәмлекетимизде коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў процесслери жеделлик пенен алып барылмақта. Сондай-ақ, халықта процесске байланыслы ҳәр қыйлы сораўлар туўылмақта. Атап айтқанда, көпшиликти «COVID-19»ға шатылып, тәўир болған адам оған қарсы шаншылыўы шәрт пе, деген сораў қызықтырмақта.
Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети бөлим баслығы Дилором Турсунованың ДСМ баспасөз хызметине атап өтиўинше, пандемия қәўипи сақланып атырғаны ҳәм коронавирус инфекциясы менен қайта кеселлениў итималының жоқары екенлиги себепли, усы вирус пенен алдын кеселленген болыўынан қарамастан, шаншылыўы шәрт.
Себеби шаншыўдан кейинги «арттырылған иммунитет» әҳмийетли есапланады. Яғный тәбийғый ҳәм «COVID-19»ға қарсы шаншыў нәтийжесинде пайда болған иммунитет кеселликке қарсы күшли қорғаныўды қәлиплестиреди.
Моҳигул Қосимова, ӨзА