Орайлық Азия халықаралық институтында «Орайлық ҳәм Қубла Азияның өз-ара байланыслылығы: тийкары, перспективалары, геостратегиялық әҳмийети» темасында илимий-әмелий конференция болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университети, Конрад Аденауер қорының Орайлық Азия бойынша ўәкилханасы ҳәм Орайлық Азия халықаралық институты менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, сыртқы сиясат пенен шуғылланыўшы уйымлар, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм бир қатар мәмлекетлердиң жетекши илимпазлары менен экспертлери қатнасты.
Илаж даўамында усы жылдың июль айында Өзбекстан Президентиниң басламасы менен өткерилген «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық аз-ара байланыслылық. Қәўиплер ҳәм имканиятлар» темасындағы Ташкент конференциясының жуўмақлары ҳәр тәреплеме додаланды ҳәм талланды.
– Президентимиздиң басламасы менен өткерилген «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыслылық. Қәўиплер ҳәм имканиятлар» темасындағы Ташкент халықаралық конференциясы көп тәреплеме сийрек ушырасатуғын форум болды, – дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары, Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университетиниң ректоры Содиқ Сафоев. – Мәмлекет басшысы Шавкат Мирзиёев «Жаңа Өзбекстан» газетасына кеше берген интервьюинде атап өткениндей, халықаралық конференцияда мәмлекетимиз тәрепинен алға қойылған жаңа усыныслар ҳәм басламалар тек ғана усы кең регион мәмлекетлеринде емес, ал дүнья жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятты. Конференция Ташкент руўхын және бир мәрте көрсетти.
Илажда шығып сөйлегенлер Ташкент конференциясын жоқары баҳалап, оның саўда, экономика, транспорт, байланыс, мәденият ҳәм гуманитарлық бирге ислесиў бағдарларында өз-ара пайдалы стратегиялық жойбарларды ислеп шығыў майданына айланғанын атап өтти.
Конференция Орайлық Азия мәмлекетлериниң сыртқы сиясат ҳәм халықаралық экономикалық байланыслар бағдарындағы жаңа геостратегиялық көзқарасларын сәўлелендирди. Кейинги бир неше әсирде дәслепки рет регион өзи ушын тийкарғы бағдар сыпатында қәлиплесип атырған жаңа әҳмийетли регионды белгиледи – бул Орайлық Азия. Ташкентте бундай кең көлемли ҳәм оғада абыройлы халықаралық илаждың шөлкемлестирилиўи ҳәм табыслы өткерилиўи жаңа геосиясий ўақыяны көрсетти. Кейинги жылларда пүткил дүнья жүзиндеги тәсири ҳәм абыройы барған сайын артып атырған мәмлекет – Жаңа Өзбекстан пайда болды.
Конференция жумысында тек ғана Орайлық ҳәм Қубла Азия регионларының мәмлекетлери, сондай-ақ, дүнья жүзиниң ең ири мәмлекетлериниң қатнасыўын тәмийинлеў емес, ал олардың көзқарасларын муўапықластырыўға ерисилди. Бул шенде-шен мәмлекетлер ерисе алатуғын нәтийже болып есапланады.
– Ташкент форумы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тынышлыққа ерисиўге қаратылған избе-из сиясатының логикалық даўамы болды, – дейди Орайлық Азия халықаралық институтының директоры Анвар Насыров. – Ол Орайлық Азия регионында турақлылық, көп әсирлик байланысқан дослық, улыўма тарийх ҳәм мәденият, бирге ислесиўди раўжландырыўдың әҳмийетли бағдарларын белгилеп берди.
Конференция жумысында 40 тан аслам мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемниң 250 ден зыят абыройлы ўәкили қатнасты. Бул Орайлық Азияға қызығыўшылықтың артып атырғанынан айқын дәрек береди. Конференция қатнасыўшылары регионда тынышлық, жақсы қоңсышылықты беккемлеў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Өзбекстанның Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў сиясаты, сондай-ақ, қоңсылас аймақлар менен өз-ара байланыслардың раўажланыўы халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланды ҳәм жедел қоллап-қуўатланды. Жоқарыдағы мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўда таллаў орайлары белсене қатнасыўы әҳмийетли.
Бул жолдағы әмелий қәдем сыпатында Президентимиз Орайлық Азия халықаралық институты негизинде бул мәселелердиң ҳәммесин үйрениў ушын турақлы түрде маман изертлеўшилер топарын дүзиўди усыныс етти. Бул бағдарда усы институт мақсетли жумысларды алып бармақта. Ҳәзирги күнде институт тәрепинен сырт мәмлекетлердиң 16 таллаў орайы ҳәм институтлары менен түрли биргеликтеги илажлар әмелге асырылмақа. Басқа да таллаў структуралары менен бирге ислесиўди жолға қойыў ҳаққындағы ҳүжжетлерге қол қойыў үстинде жумыс алып барылмақта.
Конференция қатнасыўшылары Аўғанстандағы соңғы ўақыялар жедел өзгерип атырғаны региондағы жағдайды терең үйренип, ҳәр тәреплеме таллаў, тынышлық ҳәм турақлылықты қәстерлеп сақлаў жолларын табыў, турақлы раўажланыў ушын шараятларды тәмийинлеў зәрүр екенин және бир мәрте көрсетпекте.
Илаж қатнасыўшылары Ташкент конференциясында алға қойылған басламаларды әмелге асырыў бойынша анық усыныслар, сондай-ақ, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў ушын регионаллық раўажланыў ҳәм потенциалды арттырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыўда халықаралық шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ролин күшейтиў бойынша усыныслар билдирди.
Улыўма етип айтқанда, халықаралық форум Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери арасындағы регионаллық қатнасықларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў бойынша әҳмийетли мәселелерди додалаў майданына айланды.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы