2021-жыл 30-июль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Сенат Баслығы Т.Норбоева алып барды.
Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.
Дәслеп сенаторлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилисинде көтерилген «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламларының орынланыўы шеңберинде Самарқанд ўәлаятында ишимлик суўы менен тәмийинлеў объектлерин жойбарлаў, қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларында жол қойылып атырған кемшиликлер ҳаққындағы мәселе бойынша Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитети тәрепинен алып барылған үйрениў нәтийжелерин көрип шықты.
Мәжилисте усы үйрениў нәтийжелери ҳаққында Комитет баслығы Э.Гадоев мағлыўмат берди.
Буннан соң жалпы мәжилис күн тәртибиндеги биринши мәселе – «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыслылық. қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» темасындағы халықаралық конференция (Ташкент, 2021-жыл 15-16-июль) жуўмақларынан келип шығатуғын ўазйыпалар көрип шығылды.
Сенаторлардың пикиринше, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен өткерилген Ташкент конференциясы тарийхый ўақыяға айланып, Орайлық ҳәм Қубла Азия регионларын раўажландырыўдың концепуталлық жаңа шараятларын жаратты.
Қалаберди, регионаллық раўажланыўда пайда болып атырған тенденцияларды түсиниў, бирге ислесиўдиң тийкарғы перспективларын анықлап алыў және Қубла ҳәм Орайлық Азия арасында өз-ара байланыслыққа ерисиўде бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли бағдарларын белгилеў имканиятын берди.
Атап өтилгениндей, әнжуман мақсетлерине ерисиў парламент дипломатиясы ресурсларынан белсене пайдаланыўды талап етеди. Парламент ағзалары регионлардың потенциалын бирлестириўге жәрдеми мүмкин ҳәм оны әмелге асырыўы керек. Бул болса регионлардың турақлы раўажланыўын, социаллық-экономикалық жетилиўинн ҳәм қәўипсизлигин беккемлеўдиң әҳмийетли факторына айланады.
Усы жерде Сенат қарарында параламенттиң жоқары палатасы жумысының мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған басламаларды парламентлераралық бирге ислесиў механизмлери арқалы жедел үгит-нәсиятлаў, экономика, инвестициялар, энергетика, инновациялар ҳәм «жасыл» технологияларды раўажландырыў тараўында бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, қоршаған орталықты қорғаў басламаларын қоллап-қуўатлаў сыяқлы тийкарғы бағдарлар белгиленген.
Буннан тысқары, парламент дипломатиясы ҳәм парламентлик қадағалаўдың тийисли механизмлери белгиленди. Атап айтқанда, аймақлардың өз-ара байланыслылығын беккемлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханалары басшыларының өз жумысына байланыслы мәселелер ҳаққындағы есабатларын тыңлаў, регионлардағы еллери менен қатнасықларды раўажландырыў миллий ҳәрекет режелерин («жол карталары»н) тастыйықлаў арқалы парламентлик қадағалаў алып барыў нәзерде тутылған.
Жалпы мәжилисте Сенат комитетлерине, сырт еллердиң парламентлери менен бирге ислесиў бойынша комиссиялар ҳәм топарлардың басшыларына бирге ислесиў бойынша топарларды кеңейтиў ҳәм олардың мәжилислерин әмелий мазмун менен байытыў, Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги ўәкилликли уйымлары басшыларының мәлимлемелерин тыңлаў, регионлараралық байланысларды тереңлестириўге жәрдемлесиў, мәҳәлле, сайлаў округлери ҳәм жоқары оқыў орынларында ағартыўшылық жумысларын жеделлестириў бойынша анық тапсырмалар ҳәм усыныслар берилди.
Соң 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2021-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, Мәмлекетлик бағдарлама 273 бәнттен ибарат болып, 2021-жылдың биринши ярымында 116 бәнттеги тапсырманың орынланыўын тәмийинленеў белгиленген. Олардың 89 ы толық орынланған, 2 бәнттиң орынлаў мүддети белгиленген тәртипте создырылған.
Есап бериў дәўиринде мәмлекетлик бюджет дәраматлары 74,9 триллион сумға жеткен. Жәми қәрежетлер 79,3 триллион сумды, соннан социаллық тараўларға қаратылған қәрежетлер 40,4 триллион сумды қрап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 16,6 процентке артқан.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрельдеги «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2021-жылы жәми 7794 аўыл ҳәм мәҳәлледе 20,8 триллион сумлық қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын параметрлер тастыйықланған.
2021-жылдың 30-июнь жағдайына 209,2 мың жаңа жумыс орны жаратылған, 78,5 мың пуқара кәсип-өнерге оқытылған, 24 мыңнан артық пуқараларға субсидиялар ажыратылған.
Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлатлардағы барлық секторлар ҳәм мәҳәллелер кесиминде айрықша режелер тастыйықланған және жәми 425 мың 662 ден аслам жаслардың бәнтлигине ерисилген.
Мәжилисте Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен бирге айырым кемшиликлер де бар екенлигине итибар қаратылды.
Бағдарламада 2021-жылдың биринши ярымында орынланыўы атап өтилген 7 бәнттеги Министрлер Кабинетиниң қарарлары белгиленген мүддетлерде қабыл етилмеген. Нәтийжеде Бағдарламаның бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларының орынланыўы өз ўақтында тәмийинленбеген. Соның ишинде, сырт елге шөлкемлестирилген мийнет миграциясына кетип атырған шет тиллери, сондай-ақ, кәсиплер бойынша қәнигелик имтиханларын табыслы тапсырған пуқаларды хошаметлеў системасын енгизиў, өз алдына итибарға мүтәж 18 жасқа шекемги балалардың билим алыўы, анық бир кәсипти ийелеўи ушын жәрдемлесиў, жоқары билимлендириў мәкемесинде еки ҳәм оннан артық перзентти шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға тәлим кредити бериў тәртибин енгизиў мине усылардың қатарына киреди.
Сондай-ақ, сенаторлар сырт еллердеги Өзбекстан мийнет мигрантларына хызмет көрсетиў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаў, соның ишинде, турмысы, денсаўлығы, мийнет шараятлары ҳәм шәртнамада белгиленген мийнет ҳақының өз ўақтында берилип атырғаны ҳаққында турақлы мониторинг алып барыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, 2021-жылдың 6 айы даўамында республикамызда жынаяттың алдын алыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў бойынша Ишки ислер министрлиги тәрепинен басқа да жуўапкер минситрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер және пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен биргеликте бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылған.
Атап айтқанда, 2021-жылы 6 айда жүз берген улыўма жынаятлардың 95,3 проценти ашылған, излеўдеги 1 833 пуқара усланған. Бийдәрек жоғалған 218 пуқара табылған. Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң басламасы менен усы дәўирде 15 434 жынаят анықланған.
Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң басламасы менен анықланған жынаятлардың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 71,4 процентке жақсыланғанлығын атап өтиў керек.
Бирақ өткерилген үйрениўлер ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарындағы жумыслар жетерли дәрежеде алып барылмағанлығы ишки ислер уйымларының жумысында белгили бир кемшиликлер, шешимин күтип атырған машқалалар ҳәм толық пайдаланылмаған имканиятлардың бар екенлигин көрсетти.
Атап айтқанда, 2021-жылдың 6 айында республика көлеминде жүз берген улыўма жынаятлардың саны 45 630 ды қурап, ҳәр 100 мың халыққа орташа 132 ден туўра келген. Өткен жылға салыстырғанда 111,9 процентке артқан.
Алды алыныўы мүмкин болған 217 адам өлтириўшилик, 4 137 дене жарақатын жеткериў, 135 басқыншылық, 1 100 майда жынаят, 7 618 урлық, 9 439 алдаўшылық жынаятының жүз берилиўине жол қойылған.
Буннан тысқары, 6 мыңға шамалас, әсиресе, Әндижан, Ташкент, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында жумыссызлар тәрепинен жынаятлар исленип, орынларда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў жумыслары нәтийжесиз шөлкемлестирилгенинен дәрек береди.
Шаңарақлардағы тынышсызлық, келиспеўшиликлердиң өз ўақтында шешилмеўи мәҳәлле белсендилери ҳәм кең жәмийетшиликтиң итибарынан шетте қалғаны ақыбетинде оғада аўыр жынаятлар жүз бермекте.
Соның ишинде, 2021-жылдың 6 айында шаңарақлық қатнасықлар шеңберинде жүз берген жынаятлардың 77 си адам өлтириўшилик, 798 и дене жарақатын жеткериў менен байланыслы жынаят болып есапланады.
Буннан тысқары, республикамыз аймағында жүз берген жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў жумыслары да дурыс шөлкемлестирилмеген. Елимизде айдаўшыларды таярлаў ҳәм олардан имтихан алыў тәртиби менен байланыслы машқалалар бар.
Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған жаңа редакциядағы Жол ҳәрекети қағыйдаларын жетилистириў талап етиледи.
Автомобиль жолларында жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша тәсиршең қадағалаўдың толық ҳәм нәтийжели орнатылмағанлығы себепли Республикамыз бойынша 2021-жылдың өткен 6 айы даўамында жәми 3,5 миллионға шамалас, 2020-жылға салыстырғанда 40,8 процентке көп жол ҳәрекети қағыйдасын бузыў жағдайы жүз берген.
Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықлары да талап дәрежесинде емес. Айырым хызметкерлердиң болса билим дәрежеси ҳәм ҳуқықый мәденияты ҳәзирги күнниң талапларына жуўап бермейди. Ақыбетинде пуқаралардың қатаң наразылықлары күн сайын артып бармақта.
Мәжилисте сенаторлар тәрепинен халық арасында жынаятшылыққа маўасасыз қатнасты қәлиплестириў, жынаяттың алдын алыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеў мәселелерине де итибар қаратылды.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң Боёвут, Қарши, Бўстон, Тўрақўрғон, Олот районлары және Каттақўрғон қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде белгиленген илажлардың орынланыўы ҳаққындағы мәселе додалаў орайында болды.
Атап өтилгениндей, бул аймақларда белгили бир жумыслар әмелге асырылған болып, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бағдарында дерлик 912,1 миллиард сумлық 303 инвестициялық жойбар иске қосылған, 3 800 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылған.
Социаллық инфраструктураны раўажландырыў бойынша белгиленген илажлар шеңберинде 6 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 7 улыўма билим бериў мектеби ҳәм 3 денсаўлықты сақлаў имаратлары және 3 мәденият объектинде қурылыс, реконструкция ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылған. Усы мақсетте 47,0 миллиард сумнан аслам бюджет қаржылары жумсалған.
Коммуналлық тараўдағы машқалаларды сапластырыў, халықты сапалы ҳәм үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ және ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша белгиленген 50 ден аслам илажлардың орынланыўы толық тәмийинленген.
Халық шаңарақларына 1700 ге шамалас автоматластырылған газ есаплағышлары орнатылған. Таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде 9 суў қурылмасы қурылып пайдаланыўға тапсырылған.
Соның менен бирге, таллаўлар усы жылдың 1-июль жағдайына 79 илаждың мүддетинен кешиктирилгенлиги ҳәм 106 илажды әмелге асырыўда машқалалы жағдайлардың пайда болғанлығын көрсетти.
Социаллық инраструктура объектлерин қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм үскенелеў илажларын қаржыландырыў дәреги сыпатында Инвестициялық бағдарламада нәзерде тутылған қаржылар ҳәм республика бюджети етип белгилеп қойылғанына қарамастан, усы объектлерден 24 и (2020-жылы 9 ҳәм 2021-жылы 15) усы жылғы Инвестициялық бағдарламаға киргизилмегенлиги нәтийжесинде ҳәзирги күнге шекем қаржы ажыратылмаған.
Соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў тараўында Боёвут районындағы 150 орынлық, Қарши районында 50 орынлық 3 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин реконструкциялаў ҳәм оңлаў илажлары қаржыландырылмаған. Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң арнаўлы қорының қаржылары есабынан Тўрақўрғон районындағы 47-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин реконструкциялаў жумыслары басланбаған.
Халық билимлендириўи тараўында Тўрақўрғон районында 330 орынлық мектеп имаратын қурыў, Бўстон районлық халық билимлендириў бөлиминиң имаратын оңлаў илажлары республикалық бюджеттен қаржыландырылмаған.
Олот районындағы денсаўлықты сақлаў объектлеринде республикалық бюджет қаржылары есабынан 3,7 миллиард сумлық қурылыс, оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын әмелге асырыў белгиленген болса да, ҳәзирги күнге шекем бул илажлар қаржыландырылмаған.
Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының қаржылары есабынан Мәденият министрлигиниң жуўапкершилигиндеги Каттақўрғон әскерий гарнизонының бурынғы «Ҳарбийлар» мәденият сарайын толық оңлаў ҳәм Жиңишке қорғанында жаңа Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебин қурыў илажларының басланбағанын көрсетти.
Жалпы мәжилисте ҳәкимият және жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының жол қойылған кемшиликлер бойынша мәлимлемеси тыңланды.
Усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң нызамлардың орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи бойынша әмелге асырылған мониторинг нәтийжелери додаланды.
Атап өтилгениндей, нызам дөретиўшилиги жумысының сапасын түп-тийкарынан арттырыў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый жақтан тәмийинлениўин жетилистириў мақсетинде нызамлардың орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи бойынша мониторинг өткериў әмелияты жолға қойылып, Сенат комитетлери тәрепинен Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты және басқа да мәпдар уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте Өзбекстан Республикасының 20 ға шамалас нызамлары үйренип шығылды.
Таллаўлар айырым нызамларда анық механизмлердиң сәўлелендирилмегенлиги, көзабаға нормалардың бар екенлиги себепли тараўдың тийкарынан нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлери менен тәртипке салынып келингени, сондай-ақ, қабыл етилген айырым нызамлардағы нормалардың әмелиятта қолланылмай атырғаны себепли нызамларды ҳәзирги күн талаплары тийкарында қайта көрип шығыў және жетилистириў зәрүр екенлигин көрсетти.
Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты он жетинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети