Президент Шавкат Мирзиёев 25-ноябрь күни азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, пахта ҳәм ғәлле зүрәәтин арттырыў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы жақында болып өткен парламент мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде халықтың саны көбейип атырған ҳәзирги шараятта азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа екенин атап өтти.
Ҳақыйқатында да, елимиздиң халқы жылына дерлик 1 миллионға өсип бармақта. Жер ҳәм суў дәреклери болса шекленген. Сонлықтан ишки базардың турақлылығын факторлық ҳәм өнимдарлық арқалы тәмийинлеў мүмкин.
Презентацияда аўыл хожалығы министри усы бағдардағы режелерди атап өтти.
Келеси жыл 4 миллион 800 мың гектарда егин жетистириў мөлшерленген. Соннан 2 миллион гектардан аслам жерде мийўе-овощ, картошка, собықлы ҳәм палыз өнимлери егиледи. Олардың атызларға жайластырылыўы ҳәм өнимниң резервке жәмлениўи мониторинг етип барылады.
Атап айтқанда, халыққа бирлемши зәрүр болған 10 түрдеги тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң системалы есап-санақ жүргизиледи. Онда ҳәр бир район кесиминде қандай өним жетистирилиўи ҳәм ишки базар ушын қанша резерв етилиўи айқын болады.
Бизге белгили, Президентимиздиң басламасы менен 260 мың гектар жер 800 мың халыққа дийқаншылық етиў ушын болып берилген еди. Сондай-ақ, Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында тармақларда өним жетистириў қоллап-қуўатланбақта. Бул адамларды, әсиресе, жасларды жумыс орны ҳәм дәрамат пенен тәммийинлеўде дурыс жол болғанын турмыстың өзи көрсетти. Сондай-ақ, бул аўыл хожалығы өнимлери көп жетилистирилип, олардың баҳасы кескин артып кетпеўине әҳмийетли фактор болды.
Енди бул жумыслардың сапасын арттырып, ажыратылған жерлер ҳәм тармақлардан өнимли пайдаланыў, халыққа илимий ҳәм әмелий жақтан жәрдем бериў зәрүр. Буннан тысқары, районлардың өзи аўыл аўыл хожалығына грант ҳәм техникалық жәрдемлерди тартыўы, алдынғы технологияларды қолланыўы талап етиледи.
Мәмлекетимиз басшысы сырт ел тәжирийбесин үйренип, картошка жетистириў системасын жетилистириў ҳәм өнимдарлығын арттырыў зәрүрлигин атап өтти.
Өткен жылғы қыста 9 мың гектар бағ ҳәм 4 мың гектар жүзимзарды суўық урған еди. Ақыбетте 207 мың тонна өним набыт болды.
Президентимиз бундай ҳаўа райы шараятларында дийқанлар көрген зыянның алдын алыў бойынша тапсырма берген еди. Усыған муўапық, сырт елли қәнигелер менен бирге «Аўыл хожалығы тәўекелшиликлерин қамсызландырыў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды. Оның қабыл етилиўи дийқан ҳәм фермерлердиң экономикалық қорғалыўын тәмийинлейди.
Пахта жетистириўге сырт ел сортларын егиўдиң нәтийжелилиги талланды.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда кластер, фермер ҳәм санаат кәрханалардың пикирин үйренип, мәселеге илимий қатнас жасаў, фермерлерди алдынғы арготехнологияларға оқытыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Заманагөй пахта териў машинасы ҳәм халық тармақлары ушын киши агротехникалар ислеп шығарыў бойынша тапсырмалар берилди.
«Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде барлық аймақларда тереклер егилмекте. Усындай бағлардың әтирапы ҳәм атыз шетлеринде адамларға пайда келтиретуғын егинлер жетистириў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Презентацияда ўәлаят ҳәм районларда аўыл хожалығы тараўында басқарыў системасын реформалаўға байланыслы усыныслар да көрип шығылды.
ӨзА