Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи тәрепинен уллы шайыр ҳәм ойшыл Бердақтың туўылғанының 197 жыллығына бағышлап, «Бердақ күнлери» ҳәптелиги өткерилмекте. Ҳәптелик шеңберинде бир қатар мәдений илажлар шөлкемлестирмекте.
Усы илажлардан бири Қаражан бақсы Қабуловтың туўылғанының 140 жыллығына бағышланды.
«Бердақтың бақсышылық өнериниң даўамшысы» деп аталған әдебий-музыкалық сәўбетте әдебиятшы илимпазлар, көркем өнер ийелери, студент ҳәм оқыўшы жаслар қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер XIX әсирдиң ақыры ҳәм XX әсирдиң басында жасап өткен белгили бақсының дөретиўшилиги ҳәм оның келешек әўладларға қалдырған бай әдебий мийрасы тийкарында сөз етти.
Белгили бақсылар ҳәм жас талант ийелери атқарыўында қарақалпақ халық намалары ҳәм қосықлары айтылды. Қатнасыўшылар сондай-ақ, музей экспозициясынан орын алған сийрек ушырасатуғын экспонатлар менен жақыннан танысты.
Д.Абибуллаев
Қарақалпақстан хабар агентлиги