Төрткүл районлық мәлимлеме-китапхана орайында 1-декабрь-қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 35 жыллығына бағышланып «Ана тилим-данышпанлық тийкары» атамасында көркем-әдебий кеше болып өтти.

Илажға депутатлар, жазыўшы-шайырлар, нураныйлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Кешени орай директоры У. Матниязова қутлықлаў сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Онда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Төрткүл районлық бөлими баслығы Ж. Сеттиев, «To’rtko’lnoma» газетасы редакторы Ў.  Нуруллаева, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Ш. Раззақова, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы И. Бабажанов, аўдармашы Б.Умаров, шайыр С.Сабурова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қарақалпақ тилиниң халқымыз турмысында тутқан орны, әҳмийети ҳәм атқаратуғын хызметлери ҳаққында кең түрде айтып өтти ҳәм соңғы жыллары елимизде ана тилимизге қаратылып атырған итибар туўралы мақтаныш пенен сөз етти.


Кешеде шайырлар тәрепинен ана тилимизге арналған қосықлар оқылып, оқыўшылар ҳәм көркем өнер шеберлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Ана тилимизге арналған бундай байрам кешелери район аймақлары бойлап еле даўам етпекте.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы