Соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында жас әўладтың тәлим-тәрбиясына қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлық нәтийжесинде мәмлекетимиз жаслары турмысында түпкиликли өзгерислер жүз бермекте.

Әсиресе, билимлендириў тараўын раўажландырыў ушын исленип атырған реформалар жас әўладтың келешегине беккем тийкар болмақта. Бул ийгиликли ислердиң нәтийжесинде, бүгинги күни билимлендириў орынлары заманагөй түске енип, олардың материаллық-техникалық базасы беккемленбекте.

Сөзимизге айқын дәлийл сыпатында, 25-ноябрь күни Елликқала районында жүз берген жаңалықларды айтып өтсек болады.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги  «2024 – 2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында райондағы Еллиқала елатындағы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебине жойбар баҳасы 3.412.4 млн сум болған 300 орынлық, Дослық аўылындағы 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебине жойбар баҳасы 3.616.4 млн сум болған 270 орынлық, Ақ алтын елатындағы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебине жойбар баҳасы 3.255.9 млн сум болған 330 орынлық қосымша оқыў биналары қурылып пайдаланыўға тапсырылды.

Бул оқыў орынларының тапсырылыў мәресимине райондағы сектор басшылары, нураныйлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда район ҳәкими Валижан Ниязимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аймақ турғынларын жаңа имаратлардың ашылыўы менен қутлықлады ҳәм мәмлекетимиз Президенти тәрепинен жаратылып атырған қолайлықлардан нәтийжели пайдаланып, елимиздиң еле де гүллеп-раўажланыўы ушын жемисли хызмет етиўге шақырды.

Илажда мектеп алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар оқыў орнында оқыўшылар ҳәм педагоглар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

 Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы