Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Жоқарғы Кеңес жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик грантлар ушын жәрияланған таңлаўлардың жеңимпазларына сертификат тапсырыў мәресими өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясы ағзалары, Жоқарғы Кеңес жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов Президентимиздиң басшылығында елимизде демократиялық реформаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў бағдарында бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 3-марттағы «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, олардың жумысының еркинлиги, ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары республикамызда әмелге асырылып атырған реформаларда белсене қатнасыўшы ҳәм бирге ислесиўши сыпатында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ролин және де арттырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын беккемлеў, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў көлемин кеңейтиў және оларға қолайлы шараят жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Қарарға муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фондына 2021-жыл ушын жергиликли бюджет есабынан 1 миллиард сўмнан аслам қаржы ажыратылды.

Жәмийетлик фонд тәрепинен усы жылдың 20-май сәнесинен 20-июнь сәнесине шекемги мүддет аралығында мәмлекетлик грантлар ушын “Жәмийетимизде шаңарақ институтын беккемлеў ҳәм ҳаял-қызларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў” атамасында биринши, “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеўде мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң жойбарларын қоллап-қуўатлаў” атамасында екинши таңлаўларын жәриялаған еди.

Таңлаўларға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен бир неше жойбарлар усынылып, бул жойбарлар Жоқарғы Кеңес жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының Жумысшы топары тәрепинен дәслепки тәризде үйренип шығылды ҳәм комиссияның 28-июнь күни өткерилген мәжилисинде жеңимпазлар анықланды.

Илажда таңлаўларда жеңимпаз болған Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының Қарақалпақстан бөлими, “Өнермент” аўқамының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, “Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Өзбекстан Майыплар жәмийетиниң Тахтакөпир районлық бөлими, “Панацея” жәмийетлик бирлеспелерине сертификатлар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги