– Сораў: Төленген контракт төлеминен 12 процент дәрамат салығын қайтарып алсам бола ма?

– Жуўап: Физикалық тәреплерге салық шегирмеси оқыў ушын төлем өз қаржылары, физикалық тәрепке коммерциялық банклер тәрепинен берилген билимлендириў кредитлери, юридикалық тәреплерден физикалық тәреплерге қайтарыў шәрти менен берилген қаржылар (ссудалар) есабынан әмелге асырылғанда усынылады.

Өзи ямаса перзентлериниң оқыўы ушын төленгенде салық шегирмеси физикалық тәреп – билим алыўшы, сондай-ақ, егер оқыў ушын төлем билим алыўшы жигирма алты жасқа толғанға шекем әмелге асырылған болса оның ата-аналарына бериледи.

Төлем дәрегинде салық шегирмеси билимлендириў ушын төлем төмендегилердиң есабынан әмелге асырылғанда усынылады:

– төленген суммаларды физикалық тәрептиң салық салынатуғын дәраматларынан соңынан услап қалыў шәрти менен берилген жумыс бериўшиниң қаржылары;

– Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орнына ямаса коммерциялық банкке алынған тәлим кредитин қаплаў есабынан жумыс бериўши тәрепинен өткерип берилетуғын физикалық тәрептиң салық салынатуғын мийнет ҳақысы ҳәм басқа да дәраматлары.

Салық шегирмеси болған ҳуқықты тастыйықлаў ушын төмендегилер усынылады:

– төлем контракт тийкарында оқытыў ҳаққында дүзилген шәртнаманың көширмеси;

– банк пенен тәлим кредитти алыў ушын дүзилген шәртнама (шәртнамалар)ның нусқасы;

– паспорт нусқасы ҳәм студенттиң туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығының нусқасы.

Жоқары оқыў орынлары ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен қаржыларды қайтарып бериў усы қаржылар алынған шахслардың есап бетлерине өткерип бериў арқалы әмелге асырылады.

Төлем мийнет ҳақысынан емес, еркин әмелге асырылғанда жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияны тапсырған ҳалда салық шегирмесинен пайдаланыў мүмкин.

Демек, сиз жоқарыда санап өтилген ҳүжжетлерди усынған ҳалда салық шегирмесине ийе болыўыңыз мүмкин.

Бул материал Ташкент Мәмлекетлик юридикалық университетиниң «Юридикалық клиникасы» студентлери тәрепинен оқытыўшылардың қадағалаўы астында таярланды.

 

Гулноза БОБОЕВА,

ӨзА