Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларға спорт пенен шуғылланыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, олардың халықаралық спорт майданларында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы «Өзбекстан Республикасында денетәрбия ҳәм спортты буннан былай да жетилистириў және ғалаба ен жайдырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП–5924-санлы ҳәм 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП–6099-санлы пәрманларына муўапық:

  1. Төмендегилер паралимпия ҳәрекетин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларға спорт пенен шуғылланыў ушын шараятларды кеңейтиў және олар арасында спорт пенен шуғылланыўшылардың қамтып алыўын және де арттырыў;

барлық түрдеги спорт билимлендириў мәкемелеринде физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар ушын спорт бөлимлерин басқышпа-басқыш шөлкемлестириў ҳәм қәбилетке ийе болған физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды сайлап алыў, оларды спорт түрлерине бағдарлаў, таярлаў ҳәм жоқары спорт шеберлигине ерисиўин тәмийинлейтуғын үзликсиз бирден-бир комплексли системаны енгизиў;

раўажланып атырған (бар), жаңадан шөлкемлестирилип атырған ҳәм келешекте жаңадан шөлкемлестирилиўи режелестирилген паралимпия спорт түрлерин ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў;

паралимпия спорт түрлери бойынша маман қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын жаратыў ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў;

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетте мүнәсип орнын ийелеўин хошаметлеў, физикалық ҳәм социаллық бейимлесиўиниң интеграциясын программалық-методикалық жақтан тәмийинлеў, кәсиплик реабилитация ҳәм кадрлар таярлаў;

спорт билимлендириў мәкемелеринде (соның ишинде, жоқары билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған паралимпия спорт түрлери бойынша қәнигелердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм хошаметлеў системасын күшейтиў;

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар арасында жуўапкер билимлендириў мәкемелеринде ҳәм мәҳәллелерде спорт жарысларын турақлы түрде өткериў;

барлық түрдеги спорт билимлендириў мәкемелеринде физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын заманагөй материаллық-техникалық базаны қәлиплестириў.

  1. Өзбекстан миллий паралимпия ассоциациясы негизинде Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (кейинги орынларда – Паралимпия комитети) шөлкемлестирилсин.

Паралимпия комитети Өзбекстан миллий паралимпия ассоциациясының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Паралимпия комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

паралимпия спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў, қәбилетли спортшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) және оларды профессионал спортшылар сыпатында таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў;

жазғы ҳәм қысқы паралимпия спорт түрлерин раўажландырыўға жәрдемлесиў, спорт объектлери ҳәм имаратларының концепциялары, техникалық тапсырмалары, техникалық-экономикалық тийкарлары параметрлери ҳәм басқа да жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыўда қатнасыў;

паралимпия спорт түрлери бойынша жарыслар ҳәм чемпионатлар, форумлар, конференциялар, семинарлар ҳәм жүкленген ўазыйпалардан келип шығып басқа да илажларды өткериў, сондай-ақ, олар арқалы тынышлық, дослық ҳәм өз-ара түсиник идеяларын үгит-нәсиятлаў;

паралимпия спорт түрлери менен шуғылланатуғын тренерлер, методист-инструкторлар ҳәм басқа да қәнигелерди қайта таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм кәсиплик жақтан раўажландырыўдың заманагөй ҳәм нәтийжели системасын енгизиў;

республикада ямаса басқа да халықаралық спорт федерациялары (ассоциациялары) ҳәм басқа да шөклемлерде өз ағзаларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин сәўлелендириў және қорғаў, өз ағзаларын мәлимлеме, илимий-методикалық ҳәм материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў;

паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў бойынша клублардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм нәтийжели басқарыў, миллий ҳәм халықаралық спорт шөлкемлери менен тығыз бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў.

  1. Орынларда паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў, методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде Паралимпия комитетиниң аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

2021-жыл 1-сентябрьге шекем аймақлық паралимпия бөлимлериниң финанслық ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тийисли аймақта паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў ушын қәўендерлердиң бириктирилиўин, сондай-ақ, оларды жайластырыў ушын имарат ҳәм объектлер ажыратылыўын;

Туризм ҳәм спорт министрлиги, Паралимпия комитети менен биргеликте еки ай мүдддетте аймақларда паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў бағдарламаларының ислеп шығылыўын ҳәм киргизилиўин;

2022-жылдан баслап тастыйықланатуғын жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери, юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, соның ишинде, резидент емеслердиң қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан аймақлық паралимпия бөлимлерине қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Паралимпия комитетиниң басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 24 тен ибарат болған структурасы 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.

Паралимпия комитетиниң баслығына, зәрүр жағдайларда:

Паралимпия комитетиниң структурасына белгиленген улыўма штат саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

усы қарарға тийкарланып шөлкемлестирилип атырған Паралимпия спорт түрлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша республикалық кеңес пенен келисилген ҳалда Паралимпия комитетиниң өз қаржылары есабынан оның структурасына қосымша лаўазымларды киргизиў, сондай-ақ, жоқары маман қәнигелер ҳәм экспертлерди тартыў ҳуқықы берилсин.

  1. Паралимпия комитети 2021-жылдың ақырына шекем Парлимпия комитети жанында паралимпия спорт түрлери бойынша клубларды шөлкемлестирсин, олардың жумысын муўапықластырсын ҳәм сақлаўға байланыслы финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик мәселелерди өз ўақтында шешсин.
  2. Паралимпия спорт түрлери менен шуғылланатуғын тренерлер ҳәм методист-инструкторлар, көзи әззилер, герең ҳәм әззи еситиўшилер, ампутантлар менен ислесиўши қәнигелер (сурдо, тифло-сурдо ҳәм халықаралық сурдо аўдармашылар) ҳәм басқа да кадрларды таярлаў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Паралимпия факультети шөлкемлестирилсин.
  3. Паралимпия комитети жанында юридикалық тәреп статусына ийе болған Паралимпия спорт түрлери бойынша қәнигелерди таярлаў институты (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилсин.

Институт паралимпия спорт түрлери менен шуғылланатуғын тренерлер, методист-инструкторлар ҳәм басқа да қәнигелерди қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыўға қәнигелескен илимий-билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Төмендегилер Институт жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

шәртнама (төлемли) тийкарында көрсетилетуғын хызметлер;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, соның ишинде, резидент емеслердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық ҳәм сырт елли шөлкемлердиң грантлары;

нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Институттың жумысын қосымша қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары да қаратылыўы мүмкин.

Министрлер Кабинети үш ай мүддетте Институттың жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Паралимпия комитетиниң 2021-жыл 1-сентябрьден баслап «Спорт ҳәмме ушын» жойбарын әмелге асырыў бойныша басламасы қоллап-қуўатлансын.

«Спорт ҳәмме ушын» жойбары шеңберинде:

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды параспорт түрлери менен кеңнен қамтып алыў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетке интеграциялаў мақсетинде бир жылда бир рет Параспорт халықаралық фестивалы өткерилетуғыны;

ҳәр жылы 3-декабрь күни – Халықаралық майыплар күнине бағышлап көзи әззилер, әззи еситиўшилер ҳәм ампутантлар арасында параспорт түрлери дүркимине киргизилген парастол тенниси, 5х5 футбол, голбол, паражеңил атлетика, парапауэрлифтинг, парабадминтон, шахмат ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша Ташкент қаласында республикалық параспорт фестивалы, сондай-ақ, басқа да аймақларда параспорт фестивальлары өткерилетуғыны;

Халық билимлендириў министрлиги қарамағындағы имканияты шекленген балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери (мектеплер, мектеп-интернатлар)ниң оқыўшылары арасында паралимпия спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестиретуғыны, белгили спортшылар тәрепинен мастер-класслар, сондай-ақ, семинар, конференция ҳәм дөгерек сәўбетлери өткерилетуғыны белгиленсин.

Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.А.Абдуҳакимов), Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Х.Шерматов) «Спорт ҳәмме ушын» жойбары шеңберинде әмелге асырылыўы белгиленип атырған ҳәм басқа да илажларды нәтийжели және толық шөлкемлестирсин, оларды өткериўге байланыслы финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик мәселелерди өз ўақтында шешсин.

  1. а) 2021/2022-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети және оның Нөкис ҳәм Ферғана филиалларында, сондай-ақ, басқа да тийисли жоқары билимлендириў мәкемелеринде «Паралимпия» кафедрасы, сондай-ақ, «Адаптив саламатландырыў, денетәрбия ҳәм спорт» магистратура қәнигелиги ашылатуғыны;

б) 2022-жыл 1-январьдан баслап:

Паралимпия комитетиниң усынысына тийкарланып олимпиада колледжлериниң паралимпия спорт түрлериниң бөлимлерине жиберилетуғын физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған спортшылар ушын 5 процентке шекем қосымша квоталар ажыратылатуғыны;

мәмлекетлик спорт билимлендириў мәкемелеринде паралимпия спорт түрлери бойынша тренерлердиң лаўазымлық мийнет ҳақысын есаплаўда базалық тариф ставкалары бир ярым есе муғдарда қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында жайласқан балалар-жас өспиримлер спорт мектеплериниң спорт объектлери, имаратлар ҳәм үскенелерден пайдаланған ҳалда олардың базасында Паралимпия комитети жанында Паралимпия спорт орайлары шөлкемлестирилсин.

Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдуҳакимов еки ҳәпте мүддетте Паралимпия спорт орайларының жумысын шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында жайласқан балалар-жас өспиримлер спорт мектеплериниң анық жайласқан орны, атамасы ҳәм дизимин тастыйықласын.

  1. Төмендегилер Паралимпия спорт орайларының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларда спорт пенен шуғылланыў қәбилетлерин анықлаў ҳәм оларды адаптив (бейимлестирилген), паралимпия спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген шынығыўларға тартыў;

халықаралық спорт майданында мәмлекеттиң абырайын мүнәсип қорғай алатуғын Өзбекстан паралимпия сайланды командалары ушын спорт резервин ҳәм шебер спортшыларды таярлаў;

зәрүр заманагөй материаллық-техникалық базасын жаратыў және спорт шынығыўларын өткериў ушын маман тренерлер қурамын сайлап алыў, спорт резерви ҳәм спорт түрлери бойынша жоқары қәнигели спортшыларды таярлаў бойынша оқыў-шынығыў процесин шөлкемлестириў;

спорт таярлығы басқышларында физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқараларды оқытыў методлары және түрлериниң избе-излигин тәмийинлеў;

спорт федерациялары (ассоциациялары) менен бирге ислесиўди раўажландырыў, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралардың спорт шеберлигин, сондай-ақ, адаптив (бейимлестирилген), паралимпия спорт түрлери бойынша тренерлер ҳәм басқа да қәнигелердиң кәсиплик маманлығын арттырыў.

  1. Паралимпия спорт орайларының юридикалық тәреп статусына ийе болатуғыны, олардың жумысына шөлкемлестириў-методикалық басшылық етиў Паралимпия комитети тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Паралимпия спорт орайларының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип мәкемениң қаржылары, жумыс қәнигелиги бойынша төлемли хызметлер көрсетиўден түскен түсимлер, тийкарғы шынығыўлар өткерилетуғын ўақытта бос болған мүлкти ижараға бериўден түскен дәраматлар, юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, соның ишинде, резидент емеслердиң қәўендерлик қайырқомлықлары, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржылар болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Паралимпия спорт түрлерин және де раўажландырыў бойынша республикалық кеңес шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 2-қосымшаға муўапық;

Паралимпия спорт түрлерин және де раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Республикалық кеңес (А.А.Абдуҳакимов):

еки ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 2021-жылы паралимпия спорт түрлерин раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша мәнзилли аймақлық бағдарламаларды тастыйықласын, сондай-ақ, олардың толық ҳәм сапалы орынланыўы бойынша турақлы мониторинг орнатсын;

паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде жергиликли, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары, қәўендерлер – юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қаржыларын тартсын.

Паралимпия комитетиниң жыллық дәраматлар ҳәм қәрежетлер сметасын тастыйықлаў, оған тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў Республикалық кеңес тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.А.Абдуҳакимов) министрликтиң орайлық аппаратында паралимпия спорт түрлерин муўапықластырыў ушын жуўапкер болған структуралық бөлим шөлкемлестирилсин және кеминде еки қосымша штат бирлигин ажыратыў арқалы маман қәниге менен тәмийинлесин.
  2. «Чорвоқ» еркин туристлик зонасы Ҳәкимшилик кеңеси (А.Н.Арипов) 2021-жылдың ақырына шекем усы зонада кеминде 50 гектарға тең болған жер участкасын физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралар паралимпия спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылыўын нәзерде тутыў шәрти менен исбилерменлик субъектлерине бурынғысынан басқаша тәризде бийпул ажыратыў илажларын көрсин. Онда, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралар паралимпия спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын спорт объектлери ҳәм имаратларын қурыўға қаратылатуғын қаржылар исбилерменлик субъектлериниң салық салынатуғын базасынан белгиленген тәртипте шегирип тасланады және бул объектлер ҳәм имаратлар Паралимпия комитетине бийғәрез бериледи.
  3. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.А.Абдуҳакимов):

Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Паралимпия комитети, спорт федерациялары (ассоциациялары), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2021-жыл 1-июньнен баслап республикалық, аймақлық ҳәм районлық (қалалық) спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелеринде нәзерде тутылған барлық спорт жарысларын шөлкемлестириўде физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралар арасында да тийисли жарысларды өткериў илажларын көрсин;

2022-жылдан баслап республикалық, аймақлық ҳәм районлық (қалалық) спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелеринде паралимпия спорт илажларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериў ушын кеминде  30 миллиард сум қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын;

Паралимпия комитети, Қаржы министрлиги менен биргеликте физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралар спорт пенен шуғылланыўы ушын зәрүр болған спорт әсбап-үскенелери, инвентарлары, қураллары, буйымлары ҳәм басқа да затлар менен тәмийинлесин. Онда белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге муўапық алып кирилетуғын, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралар ушын зәрүр болған, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын спорт әсбап-үскенелери, инвентарлары, қураллары ҳәм басқа да затлар 2024-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етилсин;

Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте республикамызда паралимпия спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Халықаралық паралимпия комитети ҳәм Азия паралимпия комитети менен бирге ислесиўди күшейтсин, бул бойынша мәнзилли илажларды әмелге асырсын. Онда, бул шөлкемлерге ағзалық төлемлерин төлеп бериўге байланыслы қәрежетлер 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылады;

Қурылыс министрлиги ҳәм Паралимпия комитети менен биргеликте 2021-жылдың ақырына шекем барлық мәмлекетлик спорт объектлери ҳәм имаратларында физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралар ушын спорт объектлери ҳәм имаратларынан пайдаланыў бойынша зәрүр шараятлар жаратылыўын тәмийинлесин.

  1. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) усы қарарға тийкарланып, быйылғы жылы нәзерде тутылған илажлар ҳәм келеси жыллары әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар ушын зәрүр қаржылар 2021-жыл Мәмлекетлик бюджетте Туризм ҳәм спорт министрлиги ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде, 2022-жылдан баслап болса Мәмлекетли бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
  2. Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте халықаралық тәжирийбелерди үйренген ҳалда аймақларда қурылысы режелестирилген спорт имаратлары ҳәм майданшаларының жойбарларын ислеп шығыўда физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралардың спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылыўын нәзерде тутсын.

Мәмлекет тәрепинен қаржыландырылатуғын спорт имаратлары ҳәм спорт майданшаларының жойбарларын ислеп шығыўда физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқаралардың спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық зәрүр шараятлар нәзерде тутылмаған жағдайда бул жойбарлар ушын қаржыландырыў әмелге асырылмайтуғыны және мәмлекетлик комиссия тәрепинен қабыл етилмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги Қурылыс министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилетуғын олимпиада ҳәм паралимпия қалашасы жойбарында Паралимпия спорт орайын шөлкемлестириўди нәзерде тутсын.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Туризм ҳәм спорт министрлиги, Паралимпия комитети менен биргеликте адаптив (бейимлестирилген), паралимпия спорт түрлерин үйретиў методикасы бойынша телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер шөлкемлестирсин, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар арасында спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша өз алдына көрсетиўлер таярлаў арқалы спортқа кеңнен тартыў медиа-режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын  Министрлер Кабинетине (А.А.Абдуҳакимовқа) киргизсин.
  3. Туризм ҳәм спорт министрлиги:

үш ай мүддетте республикамызда жумыс ислеп атырған паралимпия спорт түрлерин толық хатлаўдан өткерсин ҳәм оларды Спорт түрлериниң реестрине киргизиў бойынша зәрүр  илажларды көрсин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл  18-май