Шоманай районы “Моншақлы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 80 орынға мөлшерленген  2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми имараты 1972-жылы қурылып, ол бүгинги күнге келип тозыў жағдайына келип қалған еди.

Аймақ халқыныӊ усыныс-тилеклеринен келип шығып, район ҳәкимлиги бул бақшаны  Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 10-январдаги  “2020-2022-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып мәмлекетлик инвестиция бағдарламасына қурылыс жумысларын ислеў ушын киргизип, Шоманай районы ҳәкиминиӊ 2020-жыл 4-майдағы 339/5-санлы қарары менен “Халықлар дослығы” көшесинен бақшаныӊ жаӊа қурылысы ушын жаӊадан жер ажыратып берди.

Қурылыс жумысларын жүргизиў ушын болып өткен тендер таӊлаўында жеӊимпаз атанған  «STROY SERVIS KK” жәмийети қурылысшыларыныӊ алып барған тынымсыз мийнетлериниӊ арқасында, бақша имараты Рамазан ҳайыты байрамы қарсаӊында қурылыс жумыслары толық жуўмақланып имарат халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен имараттыӊ ашылыў мәресими болып өтти. Онда район ҳәкими Б.Янгибаев, аймақ турғыны К.Айтмуратов, районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Ф.Убайдуллаевлар шығып сөйлеп, жыйын турғынларын жаӊа имараттыӊ ашылыўы менен қызғын қутлықлады ҳәм усындай көркем ҳәм заманагөй имаратты қурған қолы гүл қурылысшыларға халықтыӊ миннетдаршылығын билдирип, оларға район ҳәкимлигиниӊ хошаметлеўши естелик саўғаларын тапсырды.

Буннан соӊ илаж қатнасыўшылары балалар бақшасында кишкенелер ушын жаратылған жаӊа имканиятлар менен танысты.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги