15-май дүнья жүзинде «Халықаралық шаңарақ күни» сыпатында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халықаралық шаңарақ жылы ҳаққындағы резолюциясына муўапық, 1994-жылдың 15-май сәнесинен баслап түрақлы түрде белгиленип келмекте. Президентимиздиң 2018-жыл 27-июньдеги «Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық республикамыз бойынша бул сәне көтериңкилик пенен белгиленбекте.  

Усы жыл 12-май күни  Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы тәрепинен сәне мүнәсибети менен «Бахытлы шаңарақ-бахытлы келешек» атамасында ушырасыў  кешеси өткерилди.

Оған педагоглар ҳәм психологлар, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыўда «Педагогика, психология ҳәм билимлендириў технологиялары» кафедрасының баслығы М.Өтепбергенов шығып сөйлеп, «Шаңарақ классификациясы» ҳәм шаңарақтың беккемлигин, аўызбиршилигин тәмийинлеў, шаңарақтағы руўхый орталық, саламат турмыс, турақлы жәмийетлик турмысты қәлиплестириў  мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Илажда шаңарақ ағзалары арасында өз-ара ҳүрмет-иззет, шаңарақтағы руўхый орталықты турақластырыў, ата-ана ҳәм перзент арасындағы қарым-қатнас, олардың жәмийет алдындағы жуўапкершилигин күшейтиў бойынша кең түрде пикир алысылды.

Илаж қатнасыўшыларына шаңарақ ҳаққында видео-ролик ҳәм сахналық көринислер қойып берилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы