11-май күни Татарстан Республикасы Қазан қаласындағы 175-санлы гимназияның 25 жаслы инглис тили пәни муғаллими Эльвира Игнатьева оқыўшыны қуралланған жынаятшыдан қутқарыўға ҳәрекет еткен. Ақыбетинде оның өзи жынаятшының қурбанына айланған.

 

Ўақыя гүўаларының айтыўынша, Игнатьева бир баланы жынаятшыдан узақластырып, қуралланған Ильназ Галявиевтиң қуралына тосқынлық етип, оқыўшыны қорғаған. Нәтийжеде муғаллимниң өзи жарақат алған ҳәм бул оның өлимине себеп болған.

 

Эльвира Игнатьева 2018-жылы «Жыл муғаллими» таңлаўында екинши орынды ийелеген.

 

Ўақыяда және бир жарақат алған муғаллим – математика пәни муғаллими Мулланур Мустафин ҳәзирги ўақытта реанимация бөлиминде. Ол биринши болып қуралланған Ильназ Галявиев тәрепинен атып тасланған.

 

Соңғы мағлыўматларға қарағанда, тоғыз адам Қазандағы ўақыяның қурбанына айланған. Олар арасында жети оқыўшы ҳәм баслаўыш класс муғаллими Венера Айзатова да бар.

 

Ўақыя ақыбетинде қайтыс болғанлар ҳүрметине бүгин, 12-май күни Татарстанда аза күни деп жәрияланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.