Нөкистеги медицина, Әндижан экономика ҳәм қурылыс, Миллий сүўретлеў өнери ҳәм дизайн институтлары сыяқлы 18 жоқары оқыў орнындағы ҳеш бир оқытыўшы шет тилин билиў сертификатына ийе емес. Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген жыйналыста атап өтилди, деп жазбақта «Дарё» басылымы.

 

«Шет тиллерин оқытыў ушын жоқары билимлендириў системасында қәнигелер таярлаў сапасын түп-тийкарынан арттырыў керек. Ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларындағы 78 процент профессор-оқытыўшылардың шет тилин билиў дәрежеси қанаатландырарсыз жағдайда.

 

Мәселен, Нөкистеги медицина, Әндижан экономика ҳәм қурылыс, Миллий сүўретлеў өнери ҳәм дизайн институтлары сыяқлы 18 жоқары оқыў орнындағы ҳеш бир оқытыўшы шет тилин билиў сертификатына ийе емес.

 

Ҳәрбир жоқары оқыў орны ректоры бир жылдың ишинде шет тили оқытыўшылары – 100 процент, келеси 3 жылда болса кәсиплик пәнлер оқытыўшыларының 50 проценти халықаралық сертификат алыўына ерисилиўи керек. Бунда жоқары оқыў орынлары оқытыў ҳәм сертификат алыў қәрежетлерин өз қаржылары есабынан төлеп береди.

 

Соның менен бирге, келеси жылдан баслап магистратура ҳәм докторантураға кириўшилер шет тилин билиў бойынша халықаралық сертификатқа ийе болыўы талабы киргизиледи.

 

Жаңа оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында тийисли қәнигелик пәнлерди шет тиллеринде оқытыў системасы енгизиледи. Улыўма алғанда, жаңа оқыў жылынан баслап шет тиллери бойынша қабыллаўлар саны 2 есеге көбейтилип, 16 мыңға жеткериледи, мәмлекетлик грант болса 3 есеге арттырылады (4,5 мың).

 

Шет тилин оқытыўдың илимий-педагогикалық потенциалын арттырыў мақсетинде «Эл-юрт умиди» фонды арқалы сырт еллердеги докторантурада оқыў ушын жылына 20 орын ажыратылады. Буннан былай жоқары оқыў орынларында тәбийғый ҳәм техникалық пәнлер бойынша сырт еллердиң сабақлық ҳәм қолланбаларынан еркин пайдаланыў жолға қойылады.

 

Жаңа оқыў жылы басланыўына шекем ҳәр бир жоқары оқыў орны ректорлары мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында оқытыўшы ҳәм студентлерге шет тиллерин пуқта үйрететуғын тил орайларын шөлкемлестирсин», – деген Президент.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.