Жасырарлығы жоқ, соӊғы жыллары республикамызда көп қабатлы турақ жайларға заман талабына сай коммуналлық хызмет көрсетиў ҳәм олардыӊ әтирап-аймағын абаданластырыў, аймақ балаларыныӊ емин-еркин ойнап дем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселесинде бир қатар машқалалардыӊ ушырасып атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Тилекке қарсы, республикамызда бул мәселелер туўралы мүрәжатлар кемеймей атыр.
Жақында Нөкис қаласы бурынғы «Төрткүл гүзары», ҳәзирги «Өзбекстан гүзары» көшеси №36-38-жай турғынларынан агентликке мүрәжат келип түсти. Онда турғынлар өзлери жасайтуғын бул көп қабатлы турақ жай имаратына коммуналлық хызмет көрсетиў мәселесинде бираз машқалалардыӊ топланып қалғанлығы ҳәм оны шешиўде тийисли шөлкемлер тәрепинен тез арада жәрдем көрсетиў зәрүрлиги атап өтилген. Атап айтқанда, олардыӊ айтыўынша бул еки жайға 2014-жылы Сәнем атлы ҳаял ЖЭК баслығы болып сайланғаны ҳәм оныӊ менен турғынлар арасында тек 1 жылға шәртнама дүзилгени ҳәм соӊынан турақ жайды оӊлаў ушын банктен кредит алынып, бул қаржылардыӊ қайсы мақсетте ҳәм неге жумсалғаны бойынша үй турғынларына дурыслы ҳеш қандай есабат тапсырылмағаны сөз етиледи. Бул мәселени шешип бериў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Халық қабыллаўханасы ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлигине буннан бир-еки жыл бурын бир неше рет мүрәжат етилгени, «Маҳалла» газетасында сын мақаланыӊ жәрияланғаны ҳәм соныӊ нәтийжесинде Нөкис қаласы ҳәкимлигиниӊ коммуналлық бөлим баслығы Рахат Жақсымуратовтыӊ тиккелей басшылығында жайдыӊ төбеси шиферланып, үй алдына жақтыландырыўшы үскенелердиӊ орнатып берилгени айтылады.
-Бул исленген жумысларға қарамастан шифер астында түтин шығарыўшы ҳәм айырым котёл морыларыныӊ қалып қойыўы нәтийжесинде өрт итималлығы жүзеге келип атыр.Канализация тармақларында подвал астына суў кетиў жағдайлары ушырасып, онда адамларға кеселлик тарқатыўшы шыбын-ширкейлер көбеймекте. Сондай-ақ, балалардыӊ ойын ойнаў майданшаларында көзабаға қурылған, олардыӊ өмирине қәўип туўдырыўшы қурылмалар жарамсыз жағдайға келип қалған. Ертеӊ бул жерде қандайда бир бахытсыз ҳәдийсе жүз берсе оған ким жуўап береди,-дейди бизге №38-жай турғынлары. Соныӊ менен бирге, бул жайдыӊ 8- 12-подъездлер аралығындағы 5 подъезд иши, канализация тармақлары оӊланбай қалды. Бизлер бул мәселе бойынша Нөкис қаласы ҳәкимлигине мүрәжат етсек, олар ширкетти өзлериӊиз сайлайсыз, оған бизлер араласа алмаймыз деп жуўап берди. Бизлер ширкет баслығыныӊ мәселесин көрип шығайық десек, ширкеттиӊ баслығы ким екенин ҳәм оныӊ кеӊсе мәнзили қай жерде жайласқанын бир неше жылдан бери таба алмаймыз. Бирақ, ара-арасында бир-еки қызлар үйимизге келип, коммуналлық төлемлериӊизди төлеӊ деп келип кетеди. Олардан ширкет пенен дүзилген шәртнама яки олардыӊ өзлериниӊ гүўалығын сорасақ ҳеш қандай ҳүжжет көрсетпейди. Тек олардыӊ айтатуғын гәпи егер, ҳәзир төлемесеӊ, пеня менен суд тәртибинде өндирип аламыз дейди.
Ал, «Көп квартиралы жайларды басқарыў ҳаққындағы» Өзбекстан Республикасы нызамыныӊ 9-статьясында болса, «Мәмлекет жайлардыӊ мүлк ийелериниӊ, басқарыўшы шөлкемлер ҳәм басқарыўшылардыӊ, ширкетлердиӊ ҳуқықлары тәмийинлениўи ҳәм нызамлы мәплериниӊ қорғалыўына кепиллик береди, оларды раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге көмеклеседи»-деп көрсетилген. Усы нызамныӊ 10-статьясында болса, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги тәрепинен көп квартиралы жайлардыӊ техникалық жағдайы бойынша жумысларды шөлкемлестириў, көп квартиралы жайларды сақлаў, олардан пайдаланыў талапларына ҳәм пайдаланыў қәрежетлерин анықлаў талапларына, жайлардан техникалық жақтан пайдаланыў қағыйдалары нормаларына, жайларға тутас участкаларын санитария нормаларына, қағыйдаларына ҳәм гигиена нормативлерине муўапық сақлаў талап етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў, жайларды мәўсимлик пайдаланыўға өз ўақтында ҳәм сапалы таярлаў, көп квартиралы үйлерди басқарыў уйымларыныӊ есабы ҳәм олардыӊ жумысы бойынша есабатларын жүргизиў ушын мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларын енгизиў ҳәм тағы басқа да ўазыйпалар әмелге асырылады деп көрсетилген.Сонлықтан, Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги пуқаралардыӊ бул мүрәжатын тийисли тәртипте үйренип шығып, оларға әмелий жәрдем көрсетеди, деп исенип қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги