Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-марттағы «Кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери системасын буннан былай да раўажландырыў ҳаққында»ғы ПП–6195-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў басқармаларының үлги структурасы 3-қосымшаға муўапық;
районлық (қалалық) медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў бөлимлериниң үлги структурасы 4-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги системасындағы шөлкемлер дизими 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда Агентлик) басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 356, соның ишинде орайлық аппаратында 39 етип белгиленсин.
- 3.Агентлик директорына төмендеги ҳуқықлар берилсин:
басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлери структурасына өзгерислер киргизиў;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў басқармалары ҳәм районлық (қалалық) медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў бөлимлериниң структураларын тастыйықлаў;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў басқармалары ҳәм районлық (қалалық) медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў бөлимлери басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын улыўма белгиленген штат бирликлери шеңберинде тастыйықлаў;
Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Агентлик структурасына қосымша басқарыў хызметкерлериниң штат бирликлерин киргизиў.
- Агентлик Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Медициналық-социаллық хызметлер агентлигиниң шәртнамалары, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер Агентликтиң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлериниң қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик жәрдемлери;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Бунда, Агентликтиң орайлық аппаратының жумысы республика бюджети қаржылары есабынан, Агентликтиң аймақлық бөлимлериниң жумысы жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан қаржыландырылады.
- Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Ташкент қаласы, Шайхантахур районы, Наўайы көшеси, 12-жай мәнзилиндеги имарат ҳәм объектлериниң А-блоги Агентликке оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилсин.
- Қаржы министрлиги Агентликке жәми төрт, соның ишинде үш бириктирилген ҳәм бир нәўбетши жеңил автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын қаржылар ҳәм оларды сақлаў ушын лимит ажыратсын.
- Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентликтиң буйыртпасы бойынша оны белгиленген тәртипте тийисли байланыс түрлери менен тәмийинлесин.
- Бас министрдиң социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары (Б.А.Мусаев) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:
Агентлик ҳәм оның системасындағы шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў менен байланыслы шөлкемлестириў мәселелерин шешиў;
Агентлик ҳәм оның системасындағы шөлкемлерди заманагөй талапларды есапқа алған ҳалда, қойылған ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын жоқары профессионал дәрежеде тәмийинлеўге уқыплы болған квалификациялы қәнигелер менен толықтырыў илажларын көрсин.
- Агентлик Қаржы министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:
а) Агентлик ҳаққындағы реже жойбарын;
б) Агентлик ҳәм оның системасындағы шөлкемлерге жүкленген тийкарғы ўазыйпаларды терең талқылап, бар кемшилик ҳәм машқалаларды сапластырыў, медициналық-социаллық мәкемелердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўди инабатқа алған ҳалда:
«Сақаўат» кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралар ушын интернат үйлери ҳаққындағы реже;
«Мүриўбет» майыплығы болған пуқаралар ушын интернат үйлери ҳаққындағы реже;
«Мүриўбет» майыплығы болған балалар ушын интернат үйлери ҳаққындағы реже;
Кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын санаторийлер ҳаққындағы реже;
Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионат ҳаққындағы реже;
Адам саўдасы жәбиркешлерине жәрдем бериў бойынша республикалық реабилитация орайы ҳаққындағы реже жойбарларын;
в) нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 25-март.