Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисте бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.
«Өзбекстан Республикасының бюджет процеси жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда депутатлар нәзерине усынылды.
Нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси, Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы нызамы, Өзбекстан Республикасы Бюджет кодекси ҳәм Өзбекстан Республикасының Бухгалтериялық есап ҳаққындағы нызамларына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Бюджет кодексинде усынылған Қаржы министрлиги тәрепинен жергиликли бюджетлердиң мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, азық-аўқат өнимлери ҳәм дәри-дармақлар сатып алыў қәрежетлериниң шекленген муғдарларын белгилеў ҳаққындағы норманы шығарып таслаў усыныс етилди.
Усы тәртипти ўәлаятлар тәрепинен район ҳәм қалалар ушын қолланыў да шығарып тасланбақта. Депутатлардың пикиринше, бул өз гезегинде, жергиликли бюджетлердиң бийғәрезлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, кодексте бюджет ссудалар бойынша мүрәжатларды көрип шығыў мүддетин 10 күннен 5 жумыс күнине қысқартылмақта.
Буннан тысқары, халық ўәкиллери тәрепинен Бюджет кодексине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, сондай-ақ, районлық ҳәм қалалық Кеңеслери тийисли бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржыларының орынланыўы ҳаққындағы есабатларды көрип шығыўда аймақлық бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланылыўы және ерисилген нәтийжелер ҳаққындағы есабатларын тыңлаўға да ҳақылы екенлиги белгиленбекте.
Мәмлекетлик бюджет жойбарын ислеп шығыўда әҳмийетли болған бюджет сораўы институты жетилистирилди. Жергиликли бюджетлер есабынан қаржыландырыў дәреги анық болмай басланған илажларды параллель жойбарластырыў, тендер саўдаларын өткермей әмелге асырылған қурыў ҳәм оңлаў жумысларын қаржыландырыўдың алдын алыў бойынша қосымша шеклеўлер киргизилди.
Депутатлар «2021-жыл ушын салық сиясатының тийкарғы бағдарларының қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шықты.
Нызам жойбары биринши оқыўда концептуаллық жақтан қабыл етилгенинен соң Бюджет ҳәм экономикалық реформалар бойынша комитети тәрепинен қәниге ҳәм экспертлер тартқан ҳалда дүзилген жумысшы топар сиясий партиялар фракциялары тәрепинен билдирилген пикир-усыныслардан келип шығып, ҳүжжетти екинши оқыўға таярлады.
Бир қатар статьялар жетилистирилди. Атап айтқанда, нызам жойбары менен бюджет кодексине салық төлеўшилерге мийнет стажы есапланыўы ушын жылына кеминде 1 базалық есаплаў муғдары төленгенде, оған пенсия напақасына шығыўында стажға ийе болыў нормасы киргизилмекте. Комитет тәрепинен қосымша түрде салық төлеўшилердиң усы категориясы салықты еркин түрде төлейтуғыны белгиленбекте.
Соның менен бирге, пайда салығын төлеў тәртиби әмелдеги нормада ҳәр айлық взнос төлемин есаплап шығарыў салық уйымлары тәрепинен әмелге асырылатуғын еди. Енди келеси шеректиң биринши айының 10-сәнесине шекем күтилип атырған пайда суммасынан келип шығып, взнос төлемлериниң суммасы ҳаққында мағлыўматнама бериў ҳуқықы ҳәм күтилип атырған пайда егер азайтып көрсетилген жағдайда салық уйымларына усынылып атырған мағлыўматнамаларға өзгерислер киргизиў ўәкиллиги берилмекте. Бул болса, өз орнында исбилерменлеримиз тәрепинен салықларды артықша ямаса аз төлеў жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди.
Салық кодексинде суў ресурсларын есапқа алыў қураллары менен үскенеленген суў тутыныўшыларына пайдаланылған суў көлеми ушын әмелдеги ставканың 0,7 азайтыўшы коэффициенти яғный, егер есапқа алыў өлшегиши болған жағдайда белгиленген салық ставкасынан аз төлеў усыныс етилмекте. Онда есаплағыш орнатылған жағдайда салық муғдары азайтылады.
«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары да додалаў орайында болды.
Нызам жойбары бойынша Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң директоры С.Бекенов шығып сөйледи.
Бул жойбар менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамның 8, 9 ҳәм 10-статьяларына тийисли өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта. Онда Президентимиздиң 2020-жыл 1-июльдеги «Бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкар болмақта.
Нызам жойбарында мәмлекетимиз басшысының жоқарыдағы қарары менен шөлкемлстирилген Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы Бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў орайы мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланатуғыны инабатқа алынып, орай ҳәм оның аймақлық басқармаларына жүкленген ўазыйпалар бойынша судларға киргизилетуғын шағымлар ҳәм арзалар бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилетуғыны белгиленген.
«Бажыхана тәртиплерин әпиўайыластырыў ҳәм үйлесимлестириў ҳаққындағы халықаралық конвенцияға (Киото, 1973-жыл 18-май 1999-жыл 26-июньдағы өзгерислер менен) қосылыў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.
Нызам жойбары бойынша Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы М. Азимов шығып сөйледи.
Киото конвенциясының қағыйдалары, бир жағынан, бажыхана тәртиплерин әпиўайыластырыў ҳәм тезлестириў арқалы сыртқы саўда жумысын хошаметлеў, басқа жағынан, усы жеңилликлер мәмлекетлердиң мәплерине зыян жеткермеўине бағдарланған.
Ҳәзирги ўақытта Жәҳән бажыхана шөлкемине ағза 183 мәмлекеттен 126 сы, сондай-ақ, 7 ҒМДАға ағза мәмлекетлер усы конвенцияға қосылған.
Конвенция оған ағза мәмлекетлерге, өзлериниң миллий нызамшылығында бажыхана рәсмийлестириўи процесслерин әпиўайы, түсиникли ҳәм алдыннан айта билиў мүмкин болған қағыйдалар тийкарында қәлиплестириў миннетлемесин жүклейди.
Киото конвенциясының қағыйдалары тиккелей миннетлеме жүклейтуғын ҳуқықый нормалар түринде емес, ал усыныс характериндеги станлартлар түринде ислеп шығылған.
Депутатлардың атап өтиўинше, усы конвенцияға қосылыў мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын жетилистириўге, Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Doing business» ҳәм транспорт логистика хызметлери бойынша баҳалаўшы индекслеринде (LPI) елимиздиң рейтингин арттырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, миллий эксономикамызға сырт ел инвестицияларын тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратылады.
Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
ӨзА