Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў Миллий комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Илажды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Миллий Комиссия баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Мәжилисте республикамызда бала саўдасының алдын алыў, келип шығыў себеплери факторлары ҳәм орын алған машқалалар және усы жылғы пахта жыйын-терими мәўсими даўамында мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар, көрилген илажлар ҳәм олардың нәтийжелилиги сын көзқарастан додаланды.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Республикада бала саўдасы жынаятларын ерте анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар бағдарындағы есабаты тыңланды.
Атап өтилиўинше, соңғы үш жылда бала саўдасынан 114 нәресте ҳәм бала жәбирленген, олардың тийкарғы бөлеги 3 жасқа шекемги балалар болып есапланады.
Республикамызда перзент сақлап алыў ушын гезекте болған ата-аналар 3 мың 978 ди қурамақта. Балалар үйлери ҳәм меҳрибанлық үйлери арқалы орташа бир жылда 220-230 баланың перзентликке берилип атырғанын есапқа алсақ, перзентке алыў бойынша гезекте турған шаңарақлардың талабын қанаатландырыў ушын 18 жыл ўақыт керек болады.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы балалар үйлерине таслап кетилген жағдайлар талланғанда 2017-2020-жыллары жәми 594 жағдай дизимге алынған. Олардың 167 си қыйын жағдайға түскен шаңарақлар тәрепинен исленген.
2019-2020-жыллары бала саўдасы менен байланыслы жынаятларда айыпланған 49 ата-ана жынайый жуўапкершиликке тартылған. Бул жынаятларда дәлдалшы сыпатында қатнасқан 38 пуқараның тек ғана 2 ине қамақ жазасы тайынланған.
Буннан тысқары, Халық билимлендириў министрлигиниң Қәўендерлик ҳәм қайырқомлық уйымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар және Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң өз системасындағы мәкемелерде бала саўдасының алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар, бар машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бағдарындағы усыныслары ҳаққындағы мәлимлемелери тыңланды.
Қәўендерлик ҳәм қайырқомлық уйымлары тәрепинен усы жылдың январь-август айлары даўамында ата-ана қарамағынан айрылған, сондай-ақ, социаллық жәрдемге мүтәж болған 2 мың 747 бала перзентликке, 3 мың 954 и қәўендерликке, 1 мың 534 бала қайырқомлыққа, 288и шаңарақ тәрбиясына берилген. 131 бала балалар үйине ҳәм 101 и меҳрибанлық үйлерине тапсырылған.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасында бала саўдасының алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў жумысларын және де күшейтиў бойынша илажлар режесиниң жойбары көрип шығылып, мақулланды.
Мәжилисте усы жылғы пахта жыйын-терими мәўсиминде мәжбүрий мийнетке жол қоймаў ҳәм теримшилер ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў бойынша көрилген илажлардың нәтийжелилиги талланды.
Атап айтқанда, сенаторлар, депутатлар, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлерден ибарат 13, мәмлекетлик мийнет инспекторлары қатнасыўында 6 жумысшы топар шөлкемлестирилип, халық, кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелердеги хызметкерлердиң арасында мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў бойынша үгит-нәсиялаў жумыслары өткерилди. Орынлардан келип түскен мүрәжатлер тезлик пенен үйренилгени және анықланған машқалалар өз орнында сапластырылғаны, мәжбүрий мийнетке жол қойған ҳәм мүнәсип мийнет шараятларының жаратылыўына жетерли итибар қаратпаған лаўазымлы пуқараларға нызамлы илажлардың көрилгени атап өтилди.
Жумысшы топарлар тәрепинен республиканың барлық районларындағы 5 мың 861 объектте үйрениў жумыслары алып барылды. Үйрениўлер даўамында Мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен мийнет нызамшылығын бузғаны ушын 170 лаўазымлы пуқараға 653 миллион 167 мың сум муғдарда ҳәкимшилик жәрийма тайынланды.
Соның ишинде, мәжбүрий мийнетке жол қойғаны ушын 42 лаўазымлы пуқара Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 51-статьясына тийкарланып жуўапкершиликке тартылды ҳәм және 6 жағдай бойынша тийисли ҳүжжетлер судларға киргизилди.
Мәжилисте орынларда мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, атап айтқанда, пахта жыйын-терими мәўсими даўамында мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў бойынша көрилген илажлар бойынша Наманган, Жиззақ, Ташкент, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятлары ҳәкимликлериниң мәлимлемелери тыңланды.
Соның менен бирге, усы ўәлаятларда пахта жыйын-терими мәўсими даўамында теримшилер ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратып бериў, олардың пулларын өз ўақтында берилиўин тәмийинлеў, мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў бойынша алып барылған жумыслар талап дәрежесинде шөлкемлестирилмегенлиги сынға алынды.
Күн тәртибинде додаланған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилип, келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы