Россияның Гамалея эпидемиология ҳәм микробиология илимий-изертлеў орайының вирусологи Анатолий Альтштейн неге Қытайда SARS-CoV-2  вирусын жуқтырыў төмен дәрежеде екенин түсиндирди.

Қытайда пандемия басланғанынан берли 85 521 коронавирус инфекциясын жуқтырыў жағдайы дизимге алынған. Соңғы айларда ҚХРда күнине орташа онға шамалас COVID-19 кеселлиги дизимге алынды.

Альтштейнниң пикирине бола, Қытай ҳүкимети коронавирус инфекциясы дәрежесиниң ҳақыйқый жағдайын жасырған жағдайда, егер оны мыңлаған жуқтырған адамлар болса, дүнья оны қандай да бир тәризде билиўи мүмкин еди.

«Егер мыңлаған адамлар кеселленсе, биз бул ҳаққында билген болар едик», деди вирусолог.

«Мениңше, бул жоқары тәртип ҳәм нәтийжели карантинниң пайдасы. Олар эпидемияның басланыўын-ақ алдын алыўға еристи, бирақ бизиң елимизде ол тарқалып кетти ҳәм енди оны карантин менен тоқтата алмаймыз», деди ол.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги