Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Елимизде пиллешилик ҳәм қаракөлшилик тармақларының потенциалын ҳәр тәреплеме иске қосыў және өндирислик кәрханалар рентабеллигин арттырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў арқалы бул тараўларды қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, усы тармақлардағы инфраструктура ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеў, нәсиллик көрсеткишлерди жақсылаў, азықлық базасын беккемлеў, сондай-ақ, ислеп шығарылып атырған өнимниң сапасын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған системалы жумысларды жолға қойыў бойынша жумысты күшейтиў талап етилмекте.
Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти жедел раўажландырыўды тәмийинлеў, пиллешилик ҳәм қаракөлшилик кластерлерин шөлкемлестирген ҳалда шийкизатты терең қайта ислеўди шөлкемлестириў, ислеп шығарылып атырған өнимлерди ишки ҳәм сыртқы базарларға алып шығыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, орынларда жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық дәраматларын арттырыў мақсетинде:
- 1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
2021-жыл 1-июльге шекем республикамыздың жайлаўларға ийе барлық аймақларында азық-аўқат базасын жаратқан ҳалда нәсилли қой-ешкилерди көбейтиў, сондай-ақ, мал сойыў, тери ҳәм жүнди қайта ислеў, гөш-сүт өнимлери, ярым таяр ҳәм таяр өнимлер ислеп шығарыў кәрханларын шөлкемлестириў бойынша қаракөлшилик кластерлери (кейинги орынларда-кластерлер) шөлкемлестириледи;
кластерлерге қаракөл нәсилли қойларын бағыўға мөлшерленген, соның ишинде, тоғай менен қапланбаған тоғай қорының жерлеринен жайлаўлар ижараға бериледи;
кластерлерге жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў, олардың жағдайы жаманласып кетиўине жол қоймаў, илимий ҳәм инновациялық қатнасларды қолланған ҳалда нәсилли қой-ешкилерди көбейтиў, кластер қатнасыўшылары арасында кооперация байланысларын жолға қойыў арқалы шийки затты терең қайта ислеўди ҳәм өним ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша миннетлемелер жүкленеди;
кластерлер Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў инстиуты және Бухара шөл-жайлаў азықлық ушын қолайлы өсимликлер туқымгершилиги илимий-өндирислик орайы менен тығыз бирге ислеседи;
2021-жыл 1-январьдан баслап кластерлерге аймақларда шахталы ҳәм тик қудықлар, сондай-ақ, суў тартыў ушын насос станцияларын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-январьдағы «Пиллешилик тармағында жипек қуртының азық-аўқат базасын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4567-санлы қарарының 2-бәнтинде нәзерде тутылған 120 миллион сумға шекемги муғдарда субсидиялар бериў тәртиби қолланылады;
Республикалық «Қаракөлшилик» ассоцациясы (кейинги орынларда-Ассоцация) ағзалары – кластер қатнасыўшыларына нәсиллик қой-ешкилерди сатып алыў ҳәм көбейтиў, сондай-ақ, мал сойыў, азық-аўқат базасын жаратыў, ярым таяр ҳәм таяр, соның ишинде, гөш-сүт өнимлерин ислеп шығарыў, тери ҳәм жүнди қайта ислеў және имаратларды реконструкциялаў ҳәм өндирис қуўатлықларын модернизациялаў жойбарларын қаржыландырыў ушын 2020-2023-жылларда ажыратылатуғын банк кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаўға, жойбарлар көлеми, саны ҳәм оларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған валюта түрине қарамастан, коммерциялық банклер тәрепинен орнатылған процент ставкасының 50 проценти, бирақ 10 процентлик пунктинен көп болмаған муғдарда Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан компенсациялар бериледи;
Ассоцация ағзаларына қол мийнети ушын үскенелер сатып алыў бойынша қәрежетлерди қаплаў ушын кеминде бир жумыс орнын жаратыў шәрти менен Бәнтликке көмеклесиў қорының қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының он есеси муғдарында субсидиялар ажыратылады.
- 2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен бирге 2021-жыл 1-июльге шекем шөлкемлестирилип атырған кластерлерге азық-аўқат базасын жаратыў ушын пайдаланыўға киргизилип атырған аўыл хожалығы майданларынан 1-қосымшаға муўапық ажыратып берилиўин тәмийинлесин.
- 3. Қаржы министрлиги 2020-жыл 1-октябрьге шекем Республикалық «Қаракөлшилик» ассоцациясы жанындағы Қаракөлшиликти раўажландырыў қорына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 16-августтағы «Қаракөлшилик тармағын комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4420-санлы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылыўы зәрүр болған қаржылардың қалған бөлегин ажыратсын.
- 4. 2021-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасында қаракөлшиликти раўажландырыўдың мақсетли параметрлери 2-2.13-қосымшаларға муўапық тастыйықласын.
- 5. Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитети (кейинги орынларда-Комитет) шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Комитеттиң тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин:
пиллешилик ҳәм қаракөлшилик тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты алып барыў, сондай-ақ, бул тармақларды бирден-бир илимий-техникалық сиясатты жүргизген ҳалда, муўапықластырылған түрде раўажландырыўды тәмийинлеў;
тут плантациялары ҳәм жайлаўлардың қатаң есабын жүргизиў ҳәм қорын үйрениў, сондай-ақ, пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў ушын азық-аўқат базасын жақсылаў;
жипек қурты ҳәм қаракөл нәсилли қойлардың жоқары дәрежеде өнимдар нәсиллерин енгизиў;
пилле ҳәм қаракөл терисине таяр өним ислеп шығарыў мақсетинде шийки зат таярлаў ҳәм оны қайта ислеў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;
маркетинг изертлеўлерин өткериў және жипек ҳәм қаракөлден таярланған өнимлерди бәринен бурын сыртқы базарларда сатыўға көмеклесиў;
пиллешилик ҳәм қаракөлшилик пенен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине өз жумысын кеңейтиў, кластерлер шөлкемлестириў ҳәм өнимди экспорт етиўде ҳәр тәреплеме жәрдем бериў;
- 6. а) қаракөл нәсилли қойларды көбейтиўге мөлшерленген барлық жайлаўлар Комитеттиң турақлы ийелик етиўине өткерилетуғыны;
б) жайлаўлар кластерлерге Комитет тәрепинен еркин түрде, соның ишинде, нольлик ставкада ижараға берилетуғыны;
г) төмендегилер кластерлерди шөлкемлестириў шәртлери болып есапланатуғыны:
Комитет, интакер және Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясының илимий-изертлеў институты арасында интакерге жайлаўды ижараға бериўди, сондай-ақ, тәреплердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелерин нәзерде тутатуғын шәртнама дүзилетуғыны;
интакер тәрепинен жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў, олардың жағдайы жаманласып кетиўине жол қоймаў, илимий-инновациялық қатнасларды қолланған ҳалда майда нәсилли малларды көбейтиў, кластер қатнасыўшылары арасында коопераиця байланысларын жолға қойыў арқалы шийки затты терең қайта ислеўди ҳәм өним ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша миннетлемелердиң қабыл етилетуғыны;
д) нәсилшилик шарўашылық субъектлерин мәмлекетлик аттестациядан өткериў ҳәм нәсилшилик шарўашылық хожалығы статусы ҳаққындағы гүўалықларды бериў қаракөлшиликке тийисли бөлиминде Комитет пенен биргеликте әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- 7. Қаракөл нәсилли қойларды көбейтиўге мөлшерленген Жайлаўларды хатлаўдан өткериў ҳәм жағдайын үйрениў бойынша комиссия (кейинги орынларда-Комиссия) 4-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
Комиссия 2020-жыл 15-октябрьге шекем қаракөл нәсилли қойларды көбейтиўге мөлшерленген жайлаўлар Комитеттиң турақлы ийелигине өткерилиўин тәмийинлеген ҳалда, жалпы хатлаўдан өткерсин.
Жер ресурлары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр паспортларының таярланыўын ҳәм кадастр ҳүжжетлериниң рәсмийлестирилиўин төлем өндирилместен тәмийинлесин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери 2020-жыл 1-ноябрьге шекем қаракөл нәсилли қойларды көбейтиўге мөлшерленген жайлаўларды хатлаў нәтийжелериниң жуўмақларына бола Комитеттиң турақлы ийелигине өткерсин.
- 8. Төмендегилер:
Жипекшилик илимий-изертлеў инстиуты – «Өзбекжипексанаат» ассоцациясы қарамағынан;
Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясының илимий-изертлеў институты-Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң қарамағынан;
Бухара шөл-жайлаў азық-аўқат ушын қолайлы өсимликлер туқымгершилиги илимий-өндирислик орайы – «Өзшарўанәсил» агентлигиниң қарамағынан Комитетке өткерилсин.
- 9. Аўыл-хожалығы министрлиги Жәҳән банкиниң әмелге асырылып атырған жойбары (15 миллион евро) ҳәм Франция раўажланыў агентлиги менен биргеликте ислеп шығылып атырған «Өзбекстан Республикасында шарўашылық секторын раўажландырыў» жойбары (16 миллион евро) шеңбериндеги еки грант линиялары жоқарыда көрсетилген илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасы, лаборатория үскенелерин модернизазиялаў, кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, оларға сырт ел қәнигелерин тартыўға жумсалыўын тәмийинлесин.
- 10. Комитет Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте:
жипекшилик илимий-изертлеў институты, Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты және Бухара шөл-жайлаў азық-аўқат ушын қолайлы өсимликлер туқымшершилиги илимий-өндирислик орайының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм республикамыз ўәлаятларында шөлкемлестирилип атырған, аўыл хожалығындағы билим ҳәм инновациялар системасын өз ишине алған агро хызметлер орайлары менен терең интеграцияласыў;
пиллешилик ҳәм қаракөлшилик пенен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине Агрохызметлер орайлары арқалы билимлер бериў, оларды илимий-әмелий қоллап-қуўатлаў ҳәм хызметлер көрсетиў системасының енгизилиўин көрсетиў тәмийинлесин.
- 11. Өзбекстан Республикасының бажыхана шегарасы арқалы жипек шығындылары арқалы (соның ишинде, жипек мамығы) ҳәм шийки жипек (ТИФ ТМ коды – 5002 ҳәм 5003) ти алып шығыўда 2021-жыл 1-январдан баслап алып шығылатуғын жипек шығындылары (соның ишинде, жипек мамығы) ҳәм шийки жипектиң ҳәр бир киллограмы ушын 0,05 АҚШ доллары муғдарында жыйым өндирилетуғыны белгиленсин.
- 12. «Өзбекжипексанаат» ассоцациясы жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Пиллешиликти раўажландырыў қоры шөлкемлестирилсин ҳәм Өзбекстан Республикасы Бажыхана шегарасы арқалы жипек шығындылары (соның ишинде, жипек мамығы) ҳәм шийки жипек (ТИФ ТН коды – 5002 ҳәм 5003) ти алып шығыўда өндирилетуғын жыйымлардан өндирилетуғын түсимлер, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер оның қаржыларын қәлиплестириў дәреги етип белгиленсин.
- 13. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ветеренария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Комитет басқа да мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте:
2021-2022-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик Аграр университети ҳәм Самарқанд ветеринария медицинасы институтының филиалларында қаракөлшилик тараўында кадрлар таярлаў бойынша арнаўлы бағдарлар ашыўды нәзерде тутсын;
Самарқанд ветеринария ҳәм медицина техникумында қой-ешкилерди көбейтиў және жипек қуртын жетистириў бойынша кадрлар таярланыўын тәмийинлесин;
Марғулан қаласындағы 1-санлы кәсип өнер мектебинде жипек қуртын жетистириў, шийки жипекти қайта ислеў ҳәм жипектен таяр өнимлер ислеп шығарыў бойынша кадрлар таярланыўын тәмийинлесин;
Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты және Жипекшилик илимий-изертлеў иниституты оларға қой-ешкилерди ҳәм жипек қуртын көбейтиў бойынша жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўды шөлкемлестириўде илимий-методикалық жәрдем көрсетиў ўазыйпасын жүклеген ҳалда тийисли дәрежеде Самарқанд ветеринария ҳәм медицина техникумына және Марғулан қаласындағы 1-санлы кәсип өнер мектебине бириктирилсин.
- 14. Усы Пәрманда нәзерде тутылған илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
а) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери:
2020-жыл 1-ноябрьге шекем қаракөл нәсилли қойларды көбейтиўге мөлшерленген бар жайлаўларды жалпы хатлаўдан өткериўге Комиссияға көмеклессин;
жайлаўлар өз ўақтында Комитеттиң турақлы ийелик етиўине өткерилиўин және азық-аўқат базасын жаратыў ушын кластерлерге жер участкаларының ажыратылыўын тәмийинлесин;
б) Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети 2020-жыл 1-ноябрьге шекем усы пәрманның 3-қосымшасында нәзерде тутылған жайлаўлардың нольлик ставкада ижараға берилиўин тәмийинлесин;
в) Комитет 2021-жыл 1-июльге шекем;
кластерлер шөлкемлестириў ҳәм оларға жайлаўларды ижараға бериў ушын интакерлерди, соның ишинде, сырт ел исбилерменлери арасынан таңлап алсын;
қатнасыўшылардың кластерлер жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша анық мәжбүриятларын белгилеген ҳалда, интакерлер және Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты менен шәртнамалар дүзсин;
кластер қатнасыўшылары арасында кооперация байланысларының орнатылыўын тәмийинлесин;
алыс шөл аймақларындағы нәсилли қой-ешкилерди суўғарыў ушын бар объектлер (тик ҳәм шахталы қудықлар)ди реконструкциялаў ҳәм жаңаларын қурыў бойынша 2021-жылға мөлшерленген бағдарламаны тастыйықласын.
- 15. Комитет бир ай мүдетте:
Өзбекстан Республикасы Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин;
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен бирге Өзбекстан Республикасының бажыхана шегарасы арқалы жипек шығындылары (соның ишинде, жипек мамығы) ҳәм шийки жипекти алып шығыў үстинен мониторинг етиў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 16. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 2-сентябрь