Ҳәммемизге белгили, 22-августтан абитуриентлерге тест сынақларында қатнасыў ушын «Абитуриент руқсатнамасы»н бериў басланды.
Бул руқсатнама кимлерге берилмейди:
– Тест сынақларысыз толық дөретиўшилик имтихан болатуғын билимлендириў бағдарларына дизимнен өткен абитуриентлерге (олар өзлери таңлаған жоқары билимлендириў мәкемелерине мүрәжат етиўи керек);
– Белгиленген тәртипте дизимнен өткен, бирақ тест сынақлары ушын төлемди әмелге асырмаған абитуриентлерге;
-Белгиленген тәртипте дизимнен өткен, бирақ кейин ала системадан аккаунтын өширген абитуриентлерге;
– Тийисли тәртипте билимлендириў бағдарларын сайлап дизимнен өтпеген пуқараларға (айырым абитуриентлер системаға кирип, паспорт мағлыўматларын киргизген, бирақ билимлендириў бағдарларын сайлап дизимнен өтпеген);
– Тест сынақларысыз, тиккелей студентликке усыныс етилетуғын жеңилликке ийе абитуриентлерге (мәселен, әскерий хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында қайтыс болған ямаса майып болып қалған әскерий хызметкерлердиң перзентлери);
Еслетип өтемиз, абитуриентлер тест сынақларына пуқаралық паспорты ҳәм абитуриент руқсатнамасы менен келиўи шәрт. Пуқаралық паспорты болмаған жағдайда абитуриент руқсатнамасы ҳақыйқый деп есапланбайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги