«Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бүгинги күнде тийкарғы итибарды туқымлық ғәлле жетистириўши хожалықларға, атап айтқанда, туқымлық дәнди сақлаў қоймаханаларының жағдайы, дезинфекциялаў жумыслары, дәнди сақлаў шараятларының талап дәрежесинде болыўына қаратпақта.
Басқарма тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, 2020-жылдың зүрәәти ушын 192 фермер хожалығы 4416 гектарлық майданда туқымлық ғәлле жетистириў ҳуқықын алған болып, бул жерлерге өнимдарлығы жоқары сортлар болған АСР, Зимница, Краснодар-99, Звезда, Давр ҳәм басқа да жаңа сортлар егилген.
Усыған муўапық, басқарма қәнигелери тәрепинен сорттың тазалығы ҳәм өнимдарлығын анықлаў мақсетинде туқымлық ғәлле майданларының тийисли тексериў жумыслары алып барылған. Нәтийжеде, 26 фермер хожалығының 220 гектарлық туқымлық майданлары реже талапларына жуўап бермегенлиги анықланып, жарамсыз деп табылды ҳәм усы майданлардағы туқымлық дәнлер туқымлыққа алынбайтуғынлығы қатаң белгиленди.
Сондай-ақ, инспекция тәрепинен дән кәрханаларының туқымлықты қабыллаў ушын айрықша ажыратылған орынларына басқа дәнлердиң қойылып, араласыўына жол қойылмайды ҳәм сорттың тазалығы сақланады. Ҳәзирги ўақытта дән кәрханаларына қараслы 15 дән қабыллаў пунктинде 13250 тонна туқымлық дәнди белгиленген тәртипте сақлаў имканиятына ийе қоймаханаларға қабыллаў жумыслары алып барылмақта. Олар зыянкеслерге қарсы дезинфекцияланған.
Жетистирилген туқымлық ғәллени зая етпей орып-жыйнап алыў, мәўсимди қысқа мүддетлерде шөлкемлескенлик пенен өткериў ушын арнаўлы түрде 14 отряд шөлкемлестирилген болып, оларға 27 комбайн, 54 тасыў машиналары бириктирилген.
- Қәнигелеримиз тәрепинен туқымлық ғәлле майданлары көзден өткерилгенинде райондағы туқымлық жетистириўши фермер хожалықларының биринде егилген 10 гектарлық ғәлле майданы реже талапларына жуўап бермейтуғынлығы анықланды,-дейди Инспекцияның Беруний районлық бөлими аға инспекторы Э.Раджапов. – бул өнимлер жарамсыз, деп табылды ҳәм туқымлық ушын қабыл етилмейтуғын болды.
Районымызда 838 тонна туқымлық дән жетистирилиўи белгиленген болып, олар белгиленген стандарт талапларына жуўап беретуғын қоймаханаларға қабыл етилмекте. Усы жумыслар нәтийжели алып барылса, келеси жылдағы зүрәәттиң сапалы болыўына кепиллик береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги