Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жыйналыс болып, онда университет ректорын сайлаў мәселеси алға қойылды. Оған Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Р.Қосимов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты.
Илажда Өзбекистан Илимлер Академиясы Улыўма ҳәм органикалық емес химия институты директорының илимий ислер бойынша орынбасары, «Өзбекистан белгиси» көкирек белгиси ийеси, техника илимлериниң докторы Ахмет Реймовтың кандидатурасы университеттиң ректорлығы лаўазымына ылайық деп табылды.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар
агентлигиниң хабаршысы.