2020-жыл 22-апрель ҳалатына Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясынан емленип атырған наўқаслар саны 54 адамды қурамақта. Усы ўақытқа шекем улыўма 4 адам кеселликтен саўалды.
Ҳәзирги ўақытта улыўма Қарақалпақстан бойынша карантинге алынған пуқаралар 5 927 адамды қурайды. Соннан 93 адам Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында, 18 адам Республикалық балалар көп тармақлы орайында ҳәм 68 адам районлық медициналық бирлеспелердиң жуқпалы кеселликлер бөлимлеринде, 73 адам Нөкис қаласындағы басқа карантин емлеўханаларында ҳәм 5 675 адам үй шараятындағы карантинге алынған.
Емлеўханаларда жатырғанлардың аўҳаллары жақсы.
Усы күнге шекем медициналық бақлаў жуўмақланып, карантиннен шығарылғанлар 5 845 адамды қурайды.
Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.