Усы жылдың 15-март күни Республикалық Вирусология институты лабораториясында Францияда болып қайтқан бир Өзбекстан пуқарасында COVID-19 коронавирус инфекциясы анықланған еди. Ҳәзирги ўақытта эпидемиолиялық сорастырыў және кеселликтиң тарқалып кетпеўи ушын барлық профилактикалық илажлар толық әмелге асырылмақта. Қадағалаў күшейтилмекте.
Соның менен бирге, наўқас пенен сөйлесиўде болған барлық шаңарақ ағзалары да республикалық Вирусология илимий тексериў институты клиникасына жатқарылды. Қәнигелеримиз тәрепинен оларға медициналық қадағалаў орнатылып, қәнигелескен лаборатор анализден өткерилди. Анализ нәтийжелери наўқастың улында ҳәм қызында коронавирус инфекциясы бар екенлигин көрсетти.
Сондай-ақ, усы жылдың 15-март күни саат 05-15 те Өзбекстан ҳаўа жоллары авиа компаниясына қараслы Стамбул-Ташкент бағдарындағы 274-рейс пенен келген Өзбекстан пуқарасында да бул инфекция анықланған. Лаборатор анализ республикалық Вирусология илимий тексериў институтында өткерилген.
Ҳәзирде шыпакерлер ҳәм қәнигелер тәрепинен белгиленген стандартлар бойынша емлеў ҳәм эпидемиологиялық сорастырыў жумыслары даўам еттирилмекте.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими.