Пайтахтымыздағы «Hyatt Regency» мийманханасында Әзербайжанның халықаралық көлемде басып шығарылатуғын «Tarixi Şəxsiyyətlər» («Тарийхый тулғалар») журналы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Жыл адамы» деп тән алыныўы мүнәсибети менен усы басылымның Өзбекстанға бағышлап басып шығарылған арнаўлы санының презентациясы болып өтти.
Илажда мәмлекетимизде дизимнен өткен дипломатиялық корпус ўәкиллери, соның ишинде, бир қатар сырт мәмлекетлердиң елшилери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, мәмлекетимиздиң тийисли министрликлери ҳәм уйымларының жуўапкерлери, кең жәмийетшилик қатнасты.
Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов, Әзербайжан Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Гусейн Гулиев, «Tarixi Şəxsiyyətlər» журналының Бас редакторы Халил Караҳмедов ҳәм басқалар Президентимиздиң «Жыл адамы» сыпатында тән алыныўы оның жумысына берилген ҳақыйқый, әдил баҳа болып, мәмлекетимизде қысқа мүддетте мисли көрилмеген жәмийетлик-сиясий, экономикалық реформалар әмелге асырылғаны, бүгинги күнде дүньяға танылып атырған, шын мәнисинде жаңаланып атырған Өзбекстан ерисип атырған нәтийжелер тиккелей Шавкат Мирзиёевтиң аты менен байланыслы екенин айрықша атап өтти.
Әзербайжан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы ҳәм Елшихана жанындағы Гейдар Алиев атындағы Әзербайжан мәдений орайының жәрдеминде басып шығарылған «Tarixi Şəxsiyyətlər» («Тарийхый тулғалар») журналының рус тилиндеги арнаўлы санын («Исторические личности»)да, соның ишинде, былай делинген:
«Тарийхый дәстүрлерди тиклеў жолындағы жемисли мийнети, Өзбекстан Республикасының сиясий ҳәм экономикалық абырайын дүнья жүзи көлеминде арттырыўдағы теңсиз хызметлери, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы дослық байланысларды раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын Әзербайжанның «Тарийхый тулғалар» халықаралық журналы Редакция коллегиясы ағзаларының бир аўыздан қарары менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жылы «Жыл адамы» деп тән алынды».
– «Tarixi Şəxsiyyətlər» журналы халықаралық көлемде өзине тән абырайға ийе басылым есапланады, – дейди Гусейн Гулиев. – «Жыл адамы» таңлаўының да абырайы оғада жоқары. Себеби «Жыл адамы»н жәриялаўдан алдын коллегия ағзалары тек ғана Әзербайжанда емес, ал ҒМДАның түрли мәмлекетлериндеги белгили сиясатшылар, мәмлекетлик ғайраткерлер ҳәм жәмийетшилик арасында сораў өткереди. Кейин ала пикир-усыныслар жыйналып, үйрениледи, талланады. Буннан кейин жуўмақлаўшы қарар шығарылады. Бул рет көпшилик қәнигелер бир неше талабан арасынан Президент Шавкат Мирзиёевқа даўыс берген. Бул оғада әдил қарар. Мәмлекетиңиз басшысының кейинги үш жыллық жумысын бақлап, таллап көрилсе, басқа талабанды таңлаўдың илажы жоқ еди. Оның басламасы ҳәм басшылығында мәмлекетте үлкен унамлы өзгерислер жүз берип атырғанын пүткил дүнья жәмийетшилиги көрип турыпты. Ең әҳмийетлиси, Өзбекстан халқы өз Президентин қоллап-қуўатламақта.
Әзербайжанда 2006-жылдан берли басып шығарылатуғын бул журнал дәстүрий түрде мәмлекет басшылары, белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткерлер арасынан «Жыл адамы»н жәриялап келетуғынын атап өтиў керек. Ҳәзирги ўақытқа шекем бундай абырайлы атаққа Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдўғон, Россия Федерациясының Президенти Владимир Путин сыяқлы белгили ғайраткерлер ийе болған.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Х.Султонов, А.Абдувоҳидов ҳәм Р.Қосимов қатнасты.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
Озода БЕКМУРОДОВА,
ӨзАның хабаршылары