Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-январь күни Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетине барып, илимпазлар, жас изертлеўшилер, өндирис ўәкиллери ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң басшылары менен ушырасты.

 Мәмлекетимизде илимди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта, усы жылда болса, хабарымыз бар, жыл атына мүнәсип түрде бундай итибар күшейтиледи. Тараўдағы әҳмийетли мәселелер шешилип, илимий-изертлеў жумысы қоллап-қуўатланады. Жаңа илимий мәкемелер ҳәм бағдарларды шөлкемлестириў усылардың қатарына киреди.

2019-жыл 29-октябрь күни Өзбекстан Республикасының «Илим ҳәм илимий жумыс ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди. Оны турмысқа енгизиўдиң әмелий платформасын жаратыў мақсетинде Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңес шөлкемлестирилди.

Илимлер академиясы ҳәм оның институтларына «жаңадан өмир бағышлаў» нәтийжесинде системадағы илимий мәкемелердиң саны 20дан 35ке жетти. Академияға сайлаўлар қайта тикленди. Инновациялық раўажланыў министрлиги шөлкемлестирилди, бир қатар инновациялық орайлар, илимий кластер ҳәм технопарклердиң жумысы жолға қойылды.

Өткен үш жылда илим тараўын қаржыландырыў 4 есеге көбейди. Илимий хызметкерлерди материаллық хошемтлеў мақсетинде олардың мийнет ҳақылары 3 есеге арттырылды. Илим докторы ҳәм кандидатлары ушын айрықша үстеме ҳақы белгиленди.

Усы жылдан Илимлер академиясы системасындағы шөлкемлер тиккелей мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырыўға өткерилди.

Бүгинги ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы илим ўәкиллерин материаллық ҳәм руўхый жақтан қолап-қуўатлаў буннан кейин де избе-из даўам еттирилетуғынын атап өтти.

– Енди илимпазларымыз да жуўпкершиликти терең сезип, изертлеўлердиң әмелий нәтийжелери менен тийисли тараўлардың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўы зәрүр.  Абырайлы академиклерден де, илим тараўына биринши қәдем таслап атырған жас илимпазлардан да үлкен күш-жигер ҳәм әмелий нәтийжелилик көрсетиў талап етиледи, – деди Президент.

Ушырасыўда математика, химия-биология ҳәм геология илимин раўажландырыў, келеси жыллардағы раўажланыў бағдарларын белгилеў ҳаққында ашық сөйлесиў болмақта.

 

ӨзА