Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарын додалаў порталына Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «TEAM  университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарар жойбары жайластырылды.

Ҳүжжетке муўапық, университет жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкеми есапланады, бийғәрез балансқа ийе, ықтыярында болған пул қаржылары ҳәм мүлки менен өз миннетлемелерине жуўап береди.

Университетте оқыў-методикалық басшылық ҳәм билимлендириў процесиниң алып барылыўы дүзилетуғын келисимлер тийкарында жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўинде де тәмийинленеди.

Билимлендириў процеси Университет тәрепинен тастыйықланатуғын ҳәм сырт ел бирге ислесиўшилериниң оқыў режелери ҳәм бағдарламаларына муўапық инглис, өзбек ҳәм басқа да тиллерде шөлкемлестириледи.

Университет өз жумысын 2020/2021-оқыў жылынан баслайды.

Университеттиң питкериўшилерине Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын мәмлекетлик ямаса сырт елли шерик үлгисиндеги диплом бериледи.

Мәмлекетлик үлгидеги диплом берилген жағдайда, университетте билимлендириў процеси Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәмлекетлик билимлендириў стандартлары есапқа алынған ҳалда сырт елли шериклердиң оқыў режелери ҳәм бағдарламаларына муўапық әмелге асырылады.

Университетке абитуриентлерди қабыллаў ҳәм питкериўшилерди аттестациядан өткериў тәртиби менен қағыйдалары университет тәрепинен сырт елли шериклер менен келискен ҳалда белгиленеди.

Билимлендириў цифрлы технологиялар, аралықтан билим бериў хызметлери, вебинарлар, онлайн-оқытыў, «blended learning» ҳәм басқа да заманагөй билимлендириў технологияларынан пайдаланған ҳалда күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түринде әмелге асырылады.

Университетте билим алыў төлемли-контракт тийкарында, сондай-ақ, юридикалық шахслар – потенциаллы жумыс бериўшилер тәрепинен усынылатуғын билимлендириў грантлары, сондай-ақ, жасларды оқытыў ушын ажыратылған қайырқомлық қаржылары ҳәм нызам менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер тийкарында әмелге асырылады.

Бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерине қабыллаў квоталары ҳәм төлемли-контракт муғдары социаллық-экономикалық тараўдағы жоқары маман қәнигелерге болған талаплардан келип шыққан ҳалда университет тәрепинен белгиленеди.

 

Инобат АҲАТОВА, ӨзА