Токио қаласында 16-декабрь күни Өзбекстан – Япония бизнес форумы болып өтти.

Илаж Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги  ҳәм Япония сыртқы саўда шөлкеми – JETRO менен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда еки мәмлекет сыртқы саўда, инвестиция, автомобиль қурылысы, геология, энергетика, нефть-химия қурылысы, коммунал хожалық, тоқымашылық, былғары аяқ кийим, туризм сияқлы тараўлар ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, компаниялар менен концернлердиң басшылары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умрзоқов, Япония Бас министриниң орынбасары, қаржы министри Таро Асо ҳәм басқалар Өзбекстан менен Япония арасындағы саўда-экономикалық байланыслар системалы, көп қырлы түрге енгенлигин атап өтти.

Бүгинги күнде Японияниң жетекши компаниялары Өзбекстандағы жумысын кеңейтип, ишки базарға кирип келмекте. Бул күн шығыс ели санаатшилары менен исбилерменлердиң мәмлекетемиздеги экономикалық имканиятларға ҳәм оның келешегине қызығыушылығы артып атырғанлығынан дәрек береди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда базар экономикасына арналған ашық, демократиялық реформалар Япония компанияларының мәмлекетимизде табыслы жумыс ислеўи ушын зәрүр шараят жаратады. Бизнес-форумда япониялы исбилерменлерге Өзбекстанда жаратылып берилген имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берилип, өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыўға мирәт етилди.

Соның ишинде, Өзбекстан ҳүкимети Япония компаниялары менен турақлы шерикликти жолға қойыў мақсетинде бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын қәлиплестириўди тәмийинлейтуғын жумыс системасын енгизгени атап өтилди. Ендигиден былай Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде шөлкемлестирилген айрықша департамент япон компаниялары менен күнлик режимде жумыс алып барады. Елимизде мәмлекеттиң экономикадағы роли барған сайын төменлемекте. Нәтийжеде саламат бәсеки раўажланып, жеке меншик мүлк қорғалмақта. Өткен ай мәмлекетимизде бизнес жүргизиўдеги тосқынлықларды сапластырыў ҳәм сырт елли шериклер ушын ең қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенты жанында Сырт ел инвесторлары кеңеси шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, салық системасы жетилистирилмекте, өткен жыл даўамында салық жүги сезилерли дәрежеде азайтылды, бир қатар мәжбүрий төлемлер бийкар етилди.

Илажда Өзбекстандағы реформалар ашық-айдынлық принципине тийкарланғаны, соның ишинде, 86 мәмлекет пуқаралары ушын визасыз тәртип енгизилгени атап өтилди. Бул реформалар өз нәтийжесин бермекте. Кейинги үш жылда Өзбекстан Жәҳән банкин “Doing business” рейтингинде 166-орыннан 69-текшеге көтерилди, соңғы еки жылда елимизде жаңадан шөлкемлестирилген сырт ел кәрханаларының саны еки есеге артты ҳәм 10 мыңға жетти.

Бизнес- форумда Япония исбилермен  топарларының 500 ге шамалас ўәкили қатнасты. Япония санаатының жетекшилери есапланған компаниялар менен концернлердиң ўәкиллери Өзбекстандағы жумысын кеңейтириў ҳәм рауажландырыўдан қанаатланғанын атап өтти.

Әнжуманда Президент Шавкат Мирзиёевтиң Японияға күтилип атырған расмий сапары еки тәреплеме экономикалык байланысларды жеделлестириўде әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди. Япония компанияларының басшылары Өзбекстанда бизнес жүргизиў ушын бурын улыўма бақланбаған жағдай – экономикаға тиккелей инвестициялар киргизиўди баслаўдан қанаатланатуғынын билдирди.

Сессия мәжлислеринде  жанылғы-энергетика, химия ҳәм нефть-химия, автомобиль қурылысы, электротехника, азық-аўқат, тоқымашылық, былғары аяқ кийим тармақларында бар имканиятлар ҳәм бирге ислесиў перспективалары додаланды. Инфраструтура объектлерин қурыў, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм туризм тараўындағы алмасыўлар ҳаққында сөз етилди.

Кең көлемли бизнес-форум жуўмағында еки мәмлекеттиң министрликлери ҳәм уйымлары арасында экономикалық ҳәм санаат тараўында бирге ислесиўди кеңейтиўди нәзерде тутатуғын ҳүжжетлер алмасыў мәресими болды.

Соның ишинде, Наўайы ўәлаятында геологиялық изертлеўлер өткериў, «СамАвто» кәрханасының жумысына инвестиция киргизиў, Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги менен Япония сыртқы саўда шөлкеми арасында бизнес ҳәм саўданы раўажландырыў, сондай-ақ, турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў, цифрлы университет ҳәм Ташкент қаласында медициналық мағлыўмат орайын ашыў, пайтахтымыздың инфраструктурасын жетилистириўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылды.

Илажда инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў бойынша Өзбекстан ҳәм Япония қаржы институтлары арасында бир қатар келисимлерге ерисилди.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Япония