Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының (ЕҚБШ ДИИҲБ) рәсмий веб-сайтында структура миссиясының Өзбекстанда болып атырған парламентлик сайлаўларды бақлаў бойынша 25-ноябрь – 10-декабрь мүддетиндеги дәслепки аралық есабаты жәрияланды.
Шавкат Мирзиёев Президент етип сайланған 2016-жылдан кейинги дәўирде мәмлекетимизде биринши рет парламентлик сайлаў болып өтпекте. «Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар!» сүрени астында өтип атырған бул сиясий процесс жоқары шеклерге ерисиўге қаратылған Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў дәўирине туўра келди.
Бул есабат ЕҚБШ ДИИҲБ тарийхында 1999-жылдан берли Өзбекстандағы сайлаўларды бақлаўға байланыслы барлық есабатлардан кескин парықланатуғынын атап өтиў керек. Онда, атап айтқанда, мәмлекетимиздиң сайлаў нызамшылығы ҳәм сайлаў тәжирийбесин жетилистириў тараўында сезилерли өсиўге ерисилгени атап өтилген, ҳүкиметтиң жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыў системасын модернизациялаў жолындағы анық ис-ҳәрекетлер атап өтилген.
Есабатта мәмлекетти реформалаўдың әҳмийетли бағдарлары, соның ишинде, демократиялық өзгерислер дәўиринде парламенттиң ҳәм сиясий партиялардың ролин күшейтиў, мәмлекетлик басқарыў системасын реформалаў, нызам үстинлиги, судлардың еркинлиги, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң қорғалыўын тәмийинлеў илажлары көрилип атырғаны келтирилген.
ЕҚБШ миссиясы өз есабатында болажақ сайлаўлар сезилерли дәрежеде жаңаланған ҳуқықый система шеңберинде өткерилиўин атап өтеди. Сайлаў нызамшылығында енгизилген жаңалықлар ЕҚБШ ДИИҲБ тәрепинен алдыннан усыныс етилген бир неше рет даўыс бериўди бийкар етиўши сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизиминиң енгизилетуғыны, Нызамшылық палатасында Экологиялық ҳәрекет депутатлық орынлары ушын квоталардың бийкар етилетуғыны, сайлаўшыларға биреўден аслам сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлаў ушын қол қойыў ҳуқықының берилетуғыны, сайлаў округлериндеги сайлаўшылар санының ең жоқары айырмашылығы 10 процент дәрежесинде белгиленетуғыны, социаллық қәўип туўдырмайтуғын, аўыр болмаған жынаяты ушын жазаны өтеп атырған шахсларға сайлаўда даўыс бериў ҳуқықының берилиўи сыяқлы усынысларына сәйкес келетуғын сайлаў нызамшылығына байланыслы жаңалықлар унамлы баҳаланды.
Орайлық сайлаў комиссиясының жумысы унамлы көринисте усынылған. Атап өтилиўинше, Комиссия ағзаларының саны 16 дан 21 ге шекем, қурамындағы ҳаял-қызлардың саны 3 тен 7 ге шекем көбейди. Сайлаўларды өткериў тәртиби ҳәм мүддетлерине қатаң әмел етилип атырғаны билдирилген. Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий сайты турақлы түрде жаңаланып туратуғын мағлыўматларға бай екенине итибар қаратылған.
Есабатта Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен, соның ишинде, мәлимлеме технологияларынан нәтийжели пайдаланған ҳалда, сайлаўшыларды кеңнен хабардар етип барыў, сайлаў комиссиясының ағзаларын оқытыў, биринши рет «Saylov – 2019» мобиль қосымшасын иске қосып, әмелиятқа енгизиў, майыплығы болған шахслар ушын шараятлар жаратыў бойынша көлемли жумыслардың алып барылғаны ҳаққында мағлыўмат берилген.
ДИИҲБның есабатында, сондай-ақ, алдынғы жылларда «солғын» ҳәм «дерлик сезилмейтуғын» деп баҳаланған, сайлаўшылар ушын ҳақыйқый сайлаў имканиятын бермеген сайлаўалды үгит-нәсиятлаўдың мәниси 1999-жылдан берли биринши рет кескин сынға алынбады.
ДИИҲБның тән алыўынша, Халықаралық баспасөз орайының биринши рет бес сиясий партияның ўәкиллери арасында дебатларды шөлкемлестирмекте, бағдарламалар жанлы эфирде көрсетилмекте. Атап өтилиўинше, сайлаўалды үгит-нәсиятлаўдың ең тәсирли түри сыпатында социаллық тармақлар, атап айтқанда, , «Facebook» ҳәм «Telegram»нан пайдаланыў есапланады. «Еркин шолыўлардың әҳмийетли дәреги есапланған блогерлердиң белсендилиги»де атап өтилген.
Буннан тысқары, ЕҚБШ ДИИҲБның есабатында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына биринши рет сайлаўларды бақлаў ҳуқықы берилгени, төменги палатаға министрлер талабанларын тастыйықлаў ўәкиллигиниң берилиўи арқалы парламент ролиниң күшейтилгени, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге қолайлы шараят жаратылғаны, депутатлыққа талабанлар арасында ҳаял-қызлардың үлеси 41 процентке шекем ҳәм басқа миллет ўәкиллериниң үлеси 8,4 процентке шекем артқаны ҳаққындағы мағлыўматлар да бар.
Соның менен бирге, миссияның есабатында ҳәр қыйлы ассоциациялардың ҳуқық ҳәм еркинлигин, пикир билдириў ҳуқықын тәмийинлеў бойынша жумысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги ҳаққында усыныслар бар. Депутатлыққа бийғәрез талабанлар көрсетиў институтын енгизиў арқалы пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын кеңейтиў зәрүр екенлигине итибар қаратылады. Сиясий партиялардың жәмийетлик орынларда партиялар ҳәм олардың талабанлары ҳаққындағы реклама материалларын жайластырыў арқалы сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыў, сондай-ақ, сайлаў кампаниясы кең көлемде шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў ушын интернеттен пайдаланыў мақсетке муўапықлығы ҳаққында пикирлер билдирилген.
ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясының жуўмағында атап өтилиўинше, журналистлер дебатлардың ўақтында көтерилген сиясий мәселелерди додалаў, сиясий партиялар, олардың талабанларының сайлаўалды бағдарламаларының мазмун-мәнисин таллаў ҳәм ашып бериў бойынша жумысларды күшейтиўи керек.
ӨзА