Пекиндеги Қытай халықаралық машқалалар академиясында «Президент Шавкат Мирзиёев – Өзбекстанда реформалар дәўириниң архитекторы» атамасындағы китапты таныстырыў болып өтти. Бул шығарма ҚХР сыртқы ислер министрлиги Қытай халықаралық машқалалар академиясының муўапықластырыўы тийкарында «Халықаралық турмыс» баспасы тәрепинен басып шығарылды, деп хабар бермекте «Дунё» мәлимлеме агентлиги.

Шығармада Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстанның заманагөй раўажланыўы ҳәм келешеги бойынша стратегиялық көзқараслары, мәмлекетимиз басшысының Орайлық Азия регионы, ШБШ ҳәм Евразия аймағында қәўипсизлик ҳәм раўажланыўдың тәмийинлениўинде тутып атырған белсенди орны өз көринисин тапқан. Өзбекстандағы раўажланыўдың өсиўшеңлиги, мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатында тарийхый қысқа дәўирде әмелге асырылған избе-из өзгерислер ҳаққындағы мағлыўматлар қытайлы китапқумарлардың итибарына усынылған. Онда, сондай-ақ, авторлардың Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық шерикликти  буннан былай да тереңлестириў бойынша концептуаллық идеялары да сәўлеленген.

Китап авторлары арасында Қытай Халық Ресубликасының абырайлы таллаў-илимий орайларының басшылары және экспертлери, соның ишинде, Қытай заманагөй халықаралық қатнасықлар академиясы, Қытай жәмийетлик пәнлер академиясы ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлердиң жетекши аналитиклери бар.

Таныстырыў мәресиминде Қытайдың рәсмий, социаллық-экономикалық, илимий-академиялық топарлары, жетекши ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм дипломатиялық корпус басшылары қатнасты.

Қытай халықаралық машқалалар академиясының Президенти Ци Чжэнхун мәресимди ашып, Өзбекстан жетекшиси мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыўындағы тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп бергени ҳәм олар 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңбериндеги кең көлемли реформалар бағдарламасының тийкарын қурайтуғынын атап өтти.

Өзбекстанда жүз берип атырған кең көлемли өзгерислердиң себеби «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин», «Адамлар ертең емес, узақ келешекте емес, әйне бүгин өз турмысында унамлы өзгерислерди көриўди қәлейди» сыяқлы ҳақыйқатлыққа садықлық пенен түсиндириледи, – деди ол. – Бундай принциплер мәмлекет ҳәм жәмийетти системалы реформалаў мақсетинде Өзбекстан жетекшиси алып барып атырған ишки сиясаттың тийкарын қурайды.

«Президент Шавкат Мирзиёев – Өзбекстанда реформалар дәўириниң архитекторы» атамасындағы китабының бүгинги таныстырыўында қатнасқанымнан шексиз қуўаныштаман, – деди Қытай ҳүкиметиниң Арнаўлы ўәкили Ли Хуэй. – Өзбекстанда соңғы үш жылда алып барылып атырған прагматикалық сиясат себепли көплеген тараўларда үлкен нәтийжелерге ерисилди. Мәмлекет басшысы Өзбекстанның раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде раўажланыўдың стратегиялық бағдарларын белгилеп берди. Мәмлекетте шет ел инвесторлары ушын оғада қолайлы шараятлар жаратылғаны да бәршениң итибарын тартпақта. Мен жақында Өзбекстанға сапар етип, мәмлекет қысқа мүддетте оғада үлкен унамлы өзгерислерге ерискенине гүўа болып қайттым. Усы жерде еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли көп қырлы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў тәмийинленгенин, Өзбекстан ҳәм Қытай арасында стратегиялық шериклик избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Қытай Халық Республикасы ҳүкиметиниң Евразия мәселелери бойынша Арнаўлы ўәкили Ли Хуэй өзиниң шығып сөйлеўинде Президент Шавкат Мирзиёев узақ перспектива нәзерде тутылған пуқта стратегияны ислеп шыққанына тоқтап, реформалар Өзбекстанды раўажланыў ҳәм абаданлыққа қарай исенимли баслап баратырғанын атап өтти. Ол қысқа дәўир аралығында Өзбекстан үлкен табысларды қолға киргизгени, мәмлекетимизде избе-из унамлы өзгерислер жүз берип атырғаны, сол себепли Орайлық Азияда ҳәм улыўма пүткил дүньяда Өзбекстанның абырай-мәртебеси барған сайын артып баратырғанын атап өтти.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң биринши бас хаткери, ҚХР сыртқы ислер министриниң бурынғы орынбасары Чжан Дэгуан соңғы жыллар даўамында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимиздиң жедел раўажланып атырғанына тоқтап, халық пенен тиккелей қарым-қатнас арқалы инсан мәплерин тәмийинлеў бағдарында избе-из ҳәм дыққатқа ылайық өзгерислерге ерисилип атырғанын атап өтти. Усы жерде қытайлы сиясатшы «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген принцип Өзбекстандағы өзгерислердиң тийкарын қурайтуғынын атап өтти.

Қытай коммерциялық министрлиги Евразия департаменти директорының орынбасары Лю Сюэсун мәмлекетимизде реформалар берип атырған үлкен нәтийжелерге ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Ол Өзбекстанның орны халықаралық рейтинглерде барған сайын жоқарылап баратырғанын және мәмлекетимизде турмысқа енгизилип атырған реформалар экономикалық орталық ҳәм инвестициялық ықлымның барған сайын тартымлы болыўына хызмет етип атырғанын атап өтти.

Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бахтиёр Саидов Қытайда «Президент Шавкат Мирзиёев – Өзбекстанда реформалар дәўириниң архитекторы» китабының басылып шығыўындағы басламасы ушын Қытай халықаралық машқалалар академиясы ҳәм оның Евразия институты, Қытай заманагөй халықаралық қатнасықлар академиясы, Шығыс Европа ҳәм Азия институты, ҚХР Мәмлекетлик кеңеси жанындағы Европа ҳәм Азия жәмийетлик раўажланыў институтының Раўажланыў изертлеўлери орайы ҳәм Қытай Халық университети жәмәәтлерине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Дипмиссиямыз басшысы мәмлекетимиздиң регионаллық сиясаты Орайлық Азияда стратегиялық жақтан избе-из өзгерислерге бет бурған орталықты жаратқанын атап өтти. Өзбекстан регионды турақлылық, раўажланыў ҳәм жақсы қоңсышылық аймағына айландырыў ушын беккем тийкар салыныўында интакер мәмлекет сыпатында қатнаспақта. «Соның ишинде, Президент Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилериниң мәсләҳәт ушырасыўларын турақлы өткериў ҳаққындағы басламасы турмысқа енгизилип атырғаны буннан дәрек береди. 2019-жыл 29-ноябрь күни Ташкент қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши ушырасыўы жоқары дәрежедеги регионаллық қарым-қатнасты сапа жағынан жаңа басқышқа көтерди», деди Б.Саидов.

Таныстырыў мәресиминде Қытай Халық – сиясий мәсләҳәт кеңесиниң ағзасы, Қытай заманагөй халықаралық қатнасықлар академиясының кеңесгөйи Цзи Чжие, ШБШ изертлеўлер орайының директоры Дэн Хао, Евразия институтының директоры Ли Цзиго ҳәм басқа да бир қатар алымлар және аналитиклер өзлериниң шығып сөйлеўлеринде Өзбекстан Президентиниң ашық, инталы ҳәм конструктивлик сиясаты себепли қысқа мүддет аралығында жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет, бир-бириниң мәплерин есапқа алыў принциплери тийкарында Өзбекстанның Орайлық Азиядағы қоңсы мәмлекетлер менен жедел ҳәм нәтийжели қарым-қатнасы раўажланып баратырғанын, өз-ара байланыслар соған үнлес рәўиште барған сайын жетилисип атырғанын атап өтти. Соның ишинде, суўдан пайдаланыў, шегараларды демаркациялаў ҳәм делимитациялаў, транспорт қатнаўлары, саўда-экономикалық байланыслар, регионлараралық бирге ислесиў ҳәм басқа да оғада әҳмийетли мәселелер бойынша өз-ара пайдалы қарарлар қабыл етилгени бул пикирди анық дәлиллейтуғынлығы айрықша атап өтилди.

Мәресимде шығып сөйлегенлер тәрепинен  «Президент Шавкат Мирзиёев – Өзбекстанда реформалар дәўириниң архитекторы» атамасындағы шығарма Қытайдың сиясатты қәлиплестиретуғын, илимий, академиялық ҳәм экспорт топарлары ўәкиллери ушын Өзбекстандағы заманагөй реформалар және бул процесслердиң Орайлық Азиядағы регионаллық  қәўипсизлик ҳәм раўажланыўдың узақ мүддетли перспективаларына стратегиялық тәсирин терең үйрениў көзқарасынан әҳмийетли жәрдемши болып қалатуғынына үмит билдирди.

Бизге белгили, Өзбекстан Аўғанстанда тынышлық орнатылыўына бағдарланған халықаралық ҳәрекетлерде белсенди орын ийелемекте. Таныстырыў ўақтында Ташкент Аўғанстанның қоңсы мәмлекетлер менен регионаллық ҳәм регионлараралық байланысларына тартылыўының интакери болып атырғаны атап өтилди.

Бунда Өзбекстан Президентиниң «Турақлы ҳәм абадан Аўғанстан – Орайлық Азиядағы регионаллық қәўипсизликтиң гиреўи. Аўғанстанның тынышлық жолына өтиўи көп жағынан оның экономикалық раўажланыўына байланыслы, онда регион мәмлекетлери қатнасыўы мүмкин ҳәм зәрүр», деп айтқан пикирлерине айрықша итибар қаратылды.

Усы жерде айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан Президентиниң реформаторлық жолы ҳәм ашық сыртқы сиясаты мәмлекетимиздиң Азия, Европа ҳәм Америка мәмлекетлери ушын да, абырайлы халықаралық шөлкемлер ушын да оғада тартымлы, жуўапкершиликли ҳәм узақ мүддетли бирге ислесетуғын мәмлекет сыпатындағы орнын сезилерли дәрежеде беккемледи.

Өзбекстандағы системалы өзгерислер өзбек-қытай стратегиялық шериклик қатнасықларында, Ташкент ҳәм Пекинниң Шанхай бирге ислесиў шөлкеми және «Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңбериндеги бирге ислесиўинде де өз көринисин тапты.

Еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм ҳәрекетлери себепли қысқа мүддет ишинде Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы қатнасықлар жаңа дәрежеге шықты, өз-ара дослық, бирге ислесиў, бир-бирин қоллап-қуўатлаў қатнасықлары избе-излилик мәнисин пайда етти. Жоқары дәрежедеги сапар етиўлер барған сайын көбеймекте, гуманитарлық-социаллық байланыслар беккемленбекте. Стратегиялық шериклик жаңадан-жаңа әмелий мазмун менен байып бармақта.

– Өзбекстан Президенти, ол алып барып атырған сыртқы ҳәм ишки сиясат, мәмлекетте турмысқа енгизилип атырған кең көлемли экономикалық реформалар ҳаққында илимий-изертлеў алып барыў ҳәм китап жазыўды көптен берли нийет еткен едим, – деди  Қытай халықаралық изертлеўлер академиясы Евразия институтының директоры Ли Цзиго. – Бул идеяны көплеген қытайлы кәсиплеслеримиз бенен биргеликте жүзеге шығарғанымыздан қуўанышлымыз. Өзбекстанда алып барылып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясаттағы унамлы жаңаланыўлар оны Орайлық Азиядағы сиясий процесслери раўажланыўының принциплерин белгилейтуғын әҳмийетли мәмлекетке айландырды. Усы жерде Өзбекстан Президентиниң «Қытай пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасына кириўде визасыз режимди белгилеў ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм бул тәртиптиң 2020-жыл 1-январьдан енгизилиўи мәмлекетлеримиз арасында туризм тараўындағы өз-ара байланысларды раўажландырыўға үлкен үлес қосатуғынын айрықша атап өтпекшимен.

 

ӨзА