Сайлаў – 2019

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 27 жыл толыўы мүнәсибети менен ҳәм усы жылдың 22-декабрь күни болып өтетуғын сайлаўларға бағышланған илажлар барлық орынларда өткерилмекте.

6-декабрь күни Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде «Конституция – ҳуқық ҳәм еркинликлеримиздиң, абаданшылығымыздың кепили», «Сайлаў нызамшылығы – жаңалықлар, нызамшылықтың мазмун-мәниси» темаларында «Мәнаўият сааты» өткерилди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен өткерилген илажға кәсиплик аўқамларының белсендилери, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист, юридика илимлери кандидаты Х.Қабулов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жетекши мәсләҳәтшиси Н.Қутлымуратова ҳәм басқалар Конституцияның қабыл етилиў тарийхы, конституциялық нормалар менен талаплар, оған киргизилген өзгерислер ҳаққында баянат жасап, елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекетти ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыўда пуқаралардың сайлаўларда белсене қатнасыўының әҳмийетине тоқтап өтти. Ҳақыйқатында да, сайлаўлар мәмлекетте әмелге асырылып атырған демократиялық реформалар, келешек ушын белгилеп алынатуғын стратегиялық раўажланыўдың бағдарламалық ўазыйпаларын әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе. Болажақ сайлаўлар Тийкарғы Нызамымыз – Конституцияда өз сәўлелениўин тапқан алдынғы демократиялық идеялардың әмелдеги жарқын көриниси болады. Жәмийетимиз турмысынан көп партиялылық, сиясий плюрализм, пикирлердиң көп түрлилиги, ашықлық ҳәм жәриялылық, кеңпейиллик принциплери барған сайын кең ҳәм беккем орын алмақта. Быйылғы сайлаўлардың «Жаңа Өзбекстан. Жаңа сайлаўлар» сүрени астында өткерилиўи буның айқын дәлийли болып табылады.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.