Президентимиз Шавкат Мирзиёев аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы реформалар, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 26-июль күни Самарқанд ўәлаятына барды.
Мәмлекетимиз басшысы быйыл 11-январь күни ўәлаятқа сапар етиўи ўақтында көплеген перспективалы жойбарлар менен танысып, ўәлаят белсендилериниң қатнасыўында мәжилис өткерип, район ҳәм қалаларда қурылыс-дөретиўшилик жумысларының көлемин кеңейтиў, санаат, туризм, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў және сервис тараўларын жедел раўажландырыў, халық ушын мүнәсип турмыс тәризин жаратыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берген еди.
Өткен дәўир даўамында усы тапсырмалардың орынланыўы бойынша белгили жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, 2019-2020-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген улыўма баҳасы 19,6 триллион сум болған 987 жойбардың 572 си бойынша 2,3 триллион сумлық инвестициялар өзлестирилип, 300 жойбар толық пайдаланыўға тапсырылды. 4 мың 367 жаңа жумыс орны жаратылды. Тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша жылдың биринши ярымында 88,2 миллион АҚШ доллары өзлестирилди. Бул 2018-жыл менен салыстырғанда дерлик 1,5 есеге ямаса 29,9 миллион долларға көп.
Атап айтқанда, Самарқанд қаласындағы «Азия Метал Проф» жуўапкершилиги шекленген жәмийетте металды қайта ислеў жойбарын әмелге асырыў мақсетинде Қытай мәмлекетинен 10 миллион доллар инвестиция киргизилди. Тайлақ районындағы «Пет Агро Оил» кәрханасында өсимлик майын ислеп шығарыў ҳәм қадақлаў жойбары ушын Түркия ҳәм Сингапур мәмлекетлеринен улыўма баҳасы 7 миллион доллар муғдарында тиккелей сырт ел инвестициясы тартылды.
Самарқанд қаласы халқының турақ жайға болған талабын қанаатландырыў, заманагөй турақ жай массивлерин қурыў мақсетинде 2018-жылда Самарқанд районының Қарасуў массивинен 50 гектар жер майданы ажыратылып, көп қабатлы турақ жайлар ҳәм социаллық тараў объектлери қурылған еди. Мәмлекетимиз басшысы 11-январь күни «Абат мәкан» деп аталған усы мәҳәлледе болып, жаңа турақ жайлар ҳәм усы жердеги халық ушын жаратылған қолайлықлар менен танысқан еди. Қурылыс жумысларын кең көлемде даўам еттириў бойынша тапсырмалар берген еди. Мине усы тапсырмалар тийкарында усы аймақтан 16,4 гектар жер майданы ажыратылып, «Agromir buildings» қурылыс компаниясы тәрепинен 2019-жылы 18 ҳәм 2020-жылы 59 көп қабатлы турақ жайлардың қурылыўы белгиленген. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары тезлетилген пәтлерде даўам етпекте.
Быйыл «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде ўәлаяттағы 42 аўылда қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген. Буның ушын 407,1 миллиард сум қаржы қаратылды. Ҳәзирге шекем бағдарлама шеңберинде барлық дәреклер есабынан 111,1 миллиард сум қаржыландырылып, 246,7 миллиард сумлық қурылыс-монтажлаў жумыслары орынланды. Усы қаржылар есабынан 10 мың 160 жеке тәртиптеги ҳәм 38 көп қабатлы турақ жай оңланды. 164,8 километр суў тармағы тартылды, 2 суў объекти ҳәм 10 суў минарасы реконструкцияланды. 244 километр электр тармақлары ҳәм 116 трансформатор жаңаланып, ири оңлаўдан шығарылды, халыққа 5541 дана суйылттырылған газ баллонлары тарқатылды. 268,8 километр ишки жоллар, 62,4 километр пиядалар жоллары оңланды. Усы ўақытқа шекем 11 базар инфраструктура объектлери пайдаланыўға тапсырылған болса, 205 объектте қурылыс-абаданластырыў ҳәм 55 социаллық объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары даўам етпекте.
«Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде Самарқанд ҳәм Каттақўрғон қалаларындағы 6 мәҳәлледе қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Оған 49,7 миллиард сум қаржы бағдарланыўы нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытқа шекем, бағдарлама шеңберинде 25,3 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды. Сондай-ақ, «Абат орай» бағдарламасы бойынша Пахтачи районының орайында кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Район орайының жаңа режелестириў жойбары ислеп шығылды ҳәм 15 жаңа объект жайластырылды.
Быйылғы инвестициялық бағдарламада ўәлаятта 565,7 миллиард сум қаржы өзлестирилип, 151 объектте қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта усы объектлерде 472,4 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды. 22 мектеп, 8 медициналық мәкеме ҳәм 12 ишимлик суў объектлеринде белгиленген жумыслар жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Усы жылы ўәлаятта 804,8 километр жол қурылыс жумыслары нәзерде тутылып, жылдың биринши ярымында 474,8 километр аралықта жол қурылыс жумыслары жуўмақланды. Туризмди раўажландырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер себепли усы жылдың январь-июнь айларында ўәлаятқа 1 миллион 433 мың турист сапар етти. Олардың 227 мыңын сырт ел туристлери қурады. Бул өткен жылдың усы дәўирине шекем салыстырғанда еки есеге көп.
Әлбетте, бундай өсиў пәтлери тараўға инвестицияларды жедел тартып, туризм инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыўды талап етеди. Усы мақсетте ўәлаят көлеминде 3,29 триллион сумлық 46 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Оның 348,3 миллион доллары сырт ел инвестицияларының есабына туўра келеди. Соның ишинде, 37 жойбар заманагөй мийманханалардың қурылыўына байланыслы болып, олардың улыўма баҳасы 1,855 триллион сумды қурайды.
Бир сөз бенен айтқанда, бүгин Самарқанд ўәлаятында барлық тараўларда реформалар избе-из даўам етип, бул ўәлаят экономикасын беккемлеў, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте. Мәмлекетимиз басшысының бул ретки сапары да ўәлаяттың турмысында жаңа бет ашып, перспективалы жойбарларды турмысқа енгизиўге кеңнен жол ашыўы сөзсиз.
Ғолиб ҲАСАНОВ, ӨзА