Алдын хабар бергенимиздей, 2019-жылдың 1-август күнинен баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар және напақалар муғдары орташа есапта 1,1 (10%) есеге көбейтиледи.

Хабарыңыз болса, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап жоқары оқыў орынларының төлемли контракт суммасы ең кем мийнет ҳақыға байланыстырып қойылған еди. Ең кем мийнет ҳақы неше процентке көбейтилсе, мийнет ҳақы көтерилген сәнеден кейинги семестрден баслап контракт суммасы да сонша процентке көбейтилиўи белгиленген еди.

Ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиевтиң жазыўынша, егер Ҳүкиметлик қарар тийкарында тәрип өзгерип кетпесе, 1-августтан баслап ең кем мийнет ҳақы 10% ке көбейтилетуғын болғаны ушын жаңа семестр – 1-сентябрьден баслап контракт суммалары да 10% ке көбейтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.