ДИҚҚАТ! Қалбаки пахта ёғидан сақланинг, унинг таркибида совун қолдиғи мавжуд

Өзбекстан  тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы ҳәм «Ўзёғмойсаноат» ассоциациясы ескертеди.

Ҳүрметли тутыныўшылар, өсимлик майын сатып алыўда оның төмендеги тәреплерине итибар қаратыўыңызды сораймыз.

Тек ғана санаат усылында қадақланған ҳәм саўдаға шығарылған өсимлик майын сатып алың. Оның жарлығында мәмлекеттиң, ислеп шығарыўшы кәрхананың аты, товар белгиси, сап аўырлығы ямаса көлеми, сорты, түри қадақланған сәнеси, стандарт белгиси көрсетилиўи шәрт.

Жарлықтағы барлық мағлыўматлар анық ҳәм тынық көриниўи зәрүр. Соны да умытпаң, май өнимлери мәжбүрий түрде сертификатланады.

Сатып алып атырған өнимниң сапасына исенимиңиз кәмил болыў ушын сатыўшыдан оның муўапықлық сертификаты және өнимге тийисли болған мағлыўматларды талап етиўге ҳаққыңыз бар.

Еслетип өтемиз, алдын Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы тәрепинен Ферғана ўәлаятында пластикалық ыдысларда қадақланған “Antiqa olam” пахта майының қурамында сабын қалдығы бар екенлиги, кислота муғдары да нормадан артық екенлиги анықланған еди.

 

“Antiqa olam”ның алдаўшы исбилерменлери анықланбақта

ӨзА