Нөкистеги Жаслар орайында Өзбекстан жаслар аўқамы жанындағы «Жаслар – келешегимиз» фондының Қарақалпақстан Республикасындағы қалалық ҳәм районлық филиаллары тәрепинен «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўына бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Илажда «Жаслар – келешегимиз» фонды аймақлық филиалы тәрепинен бир жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар талланды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июнь күнги «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманына тийкарланып, усы фонд аймақлық филиаллары менен шөлкемлестирилди. Бүгинги күни филиаллар тәрепинен исбилерменлик жумысын баслаў нийетинде болған 30 жасқа шекемги жасларға ҳәр тәреплеме жәрдемлер берип келинбекте.
Атап айтқанда, 2018-жылдың екинши ярымында 185 жойбарға 27 миллиард 84 миллион сумлық жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылған болса, соның нәтийжесинде 619 жаңа жумыс орынлары жаратылыўына ерисилди. Соның менен бирге, быйыл мәнзилли дизимге киргизилген 150 миллиард 292 миллион сумлық 550 бизнес жойбардың бүгинги күнге келип 39ына 7 миллиард 503 миллион сумнан аслам жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды ҳәм 119 жумыс орны жаратылды.
Өткен дәўир аралығында исбилерменликтиң өндирис бағдары бойынша 5 миллиард 738 миллион сумлық 27, хызмет көрсетиў бойынша 1 миллиард 265 миллион сумлық 11, аўыл хожалығы тараўында 500 миллион сумлық 1 жойбар турмысқа енгизилди.
Cондай-ақ, бириктирилген коммерциялық банклер тәрепинен 31 миллиард 549 миллион сумлық 69 бизнес жойбар үйренип шығылмақта.
Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде имарат бериў бойынша 3 пуқараның мүрәжаты қабыл етилген болып, оларға бос турған имаратлар ажыратып берилди. Исбилерменлик жумысын басламақшы болған 260 жасқа бос жер участкалары ажыратылды.
Жас исбилерменлерге еле де қолайлықлар жаратыў мақсетинде Хожели, Елликқала, Мойнақ, Беруний районларында «Жаслар мийнет гүзары» шөлкемлестирилип, оларда 37 жастың бәнтлиги тәмийинленди. Быйылғы жылы Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларында «Жас исбилерменлер» коворкинг орайлары менен республикамыздың басқа аймақларында да «Жаслар мийнет гүзарын» ашыў режелестирилген.
«Жаслар – келешегимиз» фондының Қарақалпақстан Республикасындағы филиаллары тәрепинен исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлейтуғын 20 мыңға шамалас жаслардың билимлерин жетилистириў мақсетинде бизнес жойбарларды таярлаў бойынша оқыў ҳәм «Исбилерменлик сырлары», «Кредит ҳәм салық сиясаты», «Ибилерменлик субъектин мәмлекетлик дизимнен өткериў» сыяқлы темаларда бизнес семинарлары өткерилди.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.