Мәмлекетимиз басшысы алға қойған социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша бес әҳмийетли басламаның биреўи жаслардың китапқумарлық мәдениятын жоқарылатыў  болып есапланады.

Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы бул басламаны қоллап-қуўатлаған ҳалда мәмлекетимизде шет тиллерин оқытыўға қәнигелескен жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелерине 8 мың нусқада китап саўға етти.

Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы «International Hotel Tashkent» мийманханасында 20-май күни руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди. Онда Қытай Халық Республикасының мәмлекетимиздеги елшиханасы, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институты, Самарқанд мәмлекетлик шет тиллер институты ҳәм олардың жанындағы Конфуций институтлары, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети, Қытай миллий мәдений орайының ўәкиллери, студент-жаслар қатнасты.

Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Цзян Янь ханым, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институтының ректоры Абдураҳим Маннонов ҳәм басқалар еллеримиз арасында көплеген тараўлар қатарында билимлендириў бағдарында, атап айтқанда, өзбек ҳәм қытай тиллерин оқытыў бойынша жедел бирге ислесиў жолға қойылғанын атап өтти.

Бүгинги күнде Қытай Орайлық миллетлер университети, Пекин шет тиллер университетинде өзбек тили оқытылмақта. Қытайдың абырайлы оқыў академиялық мәкемелеринен Шанхай халықаралық изертлеўлер университетинде өз алдына өзбек тили кафедрасы жумыс алып бармақта.

Орайлық Азияда биринши болып Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында ашылған Конфуций институтлары ўатанласларымызды қытай тили ҳәм мәденияты менен жақыннан таныстырып келмекте. Буннан тысқары, мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынларында қытай тилин оқытыў бойынша заманагөй орайлар шөлкемлестирилген.

– Мәкемемиз Қытайдың оннан аслам оқыў орны менен бирге ислесиўди жолға қойған, – дейди Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институты қытайтаныў факультетиниң деканы Сабоҳат Ҳошимова. Мыңнан аслам студентимиз қытай тилин үйренбекте. Институтымыз жанында жумыс алып барып атырған Конфуций институты оқыўшыларының саны болса 600 ден артқан. Бул елимизде жаслардың қытай тилин үйрениўге болған қызығыўшылығы артып баратырғанын айқын дәлийллейди.

Илаж шеңберинде «Қытай тилиниң көпири» халықаралық студентлер таңлаўының мәмлекетимиздеги финал басқышы да өткерилди. Онда Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институтының студенти Акбар Турсунов жеңимпаз деп табылып, Қытайда өткерилетуғын «Қытай тилиниң көпири» таңлаўында қатнасыў имканиятын қолға киргизди.

 

Малоҳат ҲУСАНОВА,

 ӨзАның хабаршысы