Өзбекстан Қаҳарманлары, халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновлардың туўылғанына 90 жыл толыўы мүнәсибети менен республикамыздың барлық аймақларында көркем-әдебий кешелер, ушырасыўлар ҳәм китапқумарлық илажлары шөлкемлестирилмекте.

Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинде өз билим ҳәм көнликпелерин жетилистирип атырған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-жаслары тәрепинен университетте «Қарақалпақ әдебиятының қос байтереги» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Кешени университет проректоры О.Қўйсинов кирис сөзи менен ашып берди.

Буннан соң Өзбекстан Жазыўшылары аўқамының ағзалары Рустам Мусурмон ҳәм Байрам Айтмуратовлар Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергенов шығармаларының қарақалпақ, өзбек ҳәм Орайлық Азия халықлары әдебиятларындағы орны ҳаққында кең түрде баянатлар жасады.

Баянатлардан соң Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-жаслары тәрепинен Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергенов шығармалары тийкарында таярлаған көркем-әдебий бөлим жыйналғанлардың итибарына усынылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.