Президентимиздиң басламасы менен ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап китап саўға етиў акциясы болып өтпекте.
Усы акцияларда, министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, республикамызға белгили жазыўшылар, шайырлар, кәрхана ҳәм мәкеме басшылары қатнаспақта.
Усындай ациялардың бири Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы тәрепинен Нөкис қаласындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде де шөлкемлестирилди.
Онда Федерация баслығы Ахмет Урумбаев усы өзи оқыған мектептеги устазлары ҳәм оқыўшылар менен ушырасып, китап ҳәм оның тәлим-тәрбиядағы әҳмийети туўралы сәўбетлести.
Мектеп китапханасына ҳәм оқыўшыларға өзлери алып келген көркем әдебиятларды, илимий-көпшилик китапларды тапсырып, оларды жақсы оқыўға шақырды ҳәм елимиздиң еле де раўажланыўына хызмет ететуғын кадрлар болып жетилисип шығыўына тилеклеслик билдирди.
Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.