Президентимиз 2018-жыл 15-16-ноябрь  күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында қала ҳәм районлардың келбетин түпкиликли жаңалаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, сырт ел инвесторларын кеңнен тартыў, халыққа барлық қолайлықларды жаратыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

 Атап айтқанда, Мойнақ районын комплексли раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилип, 2019-2021-жылларда жәми 1 триллион 485 миллиард сумлық қурылыс-реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў нәзерде тутылмақта. Соннан усы жылы 40 социаллық тараў объектинде қурылыс жумыслары әмелге асырылады. Ҳәзирги ўақытта амфитеатр, мәденият сарайы, спорт комплекси, Жаслар орайы сыяқлы объект ҳәм көп қабатлы турақ жайлар қурылмақта. Орайлық көшелердеги жолларды оңлаў, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм тәбийғый газ тармақларын жаңалаў, абаданластырыў және көклемзарластырыў жумысларына да айрықша итибар қаратылмақта.

– Арал музейи имаратын қурып атырмыз, – дейди «Беруний Агроқурилиш» ЖШЖ жумыс жүргизиўшиси Юсуфбой Нуруллаев. – Ҳәзирги ўақытта темир-бетон ҳәм гербиш өриў жумыслары қызғын әмелге асырылып атыр. Жаңа музей имараты ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы қарсаңында пайдаланыўға тапсырылады. Бул жерге келген туристлер көргизбе залындағы экспонатлар ҳәм 3D кинозалында Аралдың тарийхы  ҳаққындағы фильмлерди тамашалайды.

2.JPG

3.JPG

4 (1).JPG

5.JPG

11.JPG

Мақсет Ҳабибуллаев (сүўрет) ӨзА