Қазақстан Парламенти мәмлекет пайтахты Астананың атын өзгертиў ҳаққындағы нызамды мақуллады.
– Сенаттағы 43 депутаттың 43 и, Мәжилистеги 103 депутаттың 103 и мақуллады. Усылайынша, ҳүрметли кәсиплеслер, тарийхый шешим қабылланды,- деди Мәжилис баслығы Нурлан Нығматулин палата жыйналысында.
Қасым-Жомарт Тоқаев Қазақстан халқына ант берип, мәмлекет президенти болғаннан соң, Астана қаласын Нурсултан деп өзгертиўди усынған еди.
– Астананың атамасы референдумсыз өзгериўи мүмкин, – деп хабарланған еди буннан алдынғы хабарларда.
– Қазақстан Республикасының Конституциясына муўапық ҳүкимет республика президентине Астананың атамасын өзгертиў ҳаққында Конституцияға өзгерислер киргизиў ушын республикалық референдум өткериў ҳаққында усыныс билдирди. Президент бул усынысты референдумға шығармай, Парламенттиң көрип шығыўы ушын жибериўге усыныс билдирди. Конституциялық кеңес бул мәселе бойынша унамлы шешим қабыллады, – деп айтып өткен Нурлан Нығматулин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.