Тоқаев Қасым-Жомарт Кемел улы 1953-жылы 17-майда Алматы қаласында туўылған.

Үйленген, ул перзенти бар.

1970-жылы бурынғы Аўқам Сыртқы ислер министрлиги Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институтына оқыўға кирген. 5-курсында бурынғы Аўқамның Қытай Халық Республикасындағы елшиханасына жиберилген.

Қазақ, рус, инглис ҳәм қытай тиллеринде еркин сөйлесе алады, француз тилин биледи.

Ол 1992-жылы Қазақстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң орынбасары, 1993-жылы биринши орынбасары ҳәм 1994-жылы Сыртқы ислер министри етип тайынланған.

1999-жылы март айында премьер-министрдиң орынбасары, 1999-жылы октябрь айында премьер-министр болды.

Ол 2002-жылы январьда отставкаға шығып, соңынан Мәмлекетлик хаткер – Сыртқы ислер министри етип тайынланды.

2007-жылдың январына шекем Сыртқы ислер министри сыпатында жумыс ислеп, кейин Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының Баслығы болып сайланды.

2011-жылы марта БМШ Бас Хаткери Тоқаевты Бас Хаткердиң орынбасары, БМШның Женевадағы бөлимшесиниң Бас директоры ҳәм БМШ Бас Хаткериниң Қуралсызландырыў бойынша конференциядағы жеке ўәкили етип тайынлады. Соның менен бирге, ол Қуралсызландырыў бойынша конференцияның Бас хаткери лаўазымында иследи. Ол БМШның Швейцариядағы хызметкерлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеўге жуўапкер лаўазымларды атқарып келмекте.

2013-жылы 16-октябрьде Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының Баслығы болып сайланды.

2019-жыл 20-марттан баслап Қазақстан президенти ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.