Пайтахтымызда 13-март күни Өзбекстан – Қазақстан исбилерменлери қатнасыўында бизнес-форум болып өтти.

 Илаж Өзбекстан Саўда-санаат палатасы тәрепинен, Өзбекстан менен Қазақстан арасында қәлиплескен саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилди. Онда еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары, исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасты.

Форумда мийманларға елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, инвестиция орталығын буннан былай да жақсылаў, экономиканы либералластырыў, исбилерменлердиң нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтилди.

Шөлкемлестирилген B2B форматындағы ушырасыўлар еки тәреплеме саўда-экономикалық қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары, санаат, өндирис, транспорт және транзит тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из даўам еттириў мәселелери додаланды.

Елимизден Қазақстанға тәбийғый газ, мийўе-овощ, полиэтилен, тоқымашылық өнимлери, түрли металл ҳәм минерал төгинлер экспорт етилмекте. Өз гезегинде, Қазақстаннан түрли металл, нефть өнимлери, ҳәк, цемент, алюминий, пахта ҳәм соя майы, дән ҳәм дән өнимлериниң импорты жолға қойылған.

Ҳәзирги күнде елимизде еки мәмлекет капиталының қатнасыўында 290 ға шамалас қоспа кәрхана жумыс жүргизеди. Қазақстанның 16 компаниясы Өзбекстанда ўәкилханасын ашқан. Бирге ислесиўши мәмлекет аймағында елимиз резидентлери  қатнасыўындағы 199 қоспа кәрхана, саўда үйлери шөлкемлестирилген.

Бизнес-форумда еки мәмлекет исбилермен топар ўәкиллери арасында бирге ислесиў, қоспа жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы бир қатар келисимлерге ерисилди.

 

Зуҳра МИРЗАБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы